Саламат Авезов

| |

Ҳәр бир бала меҳир ҳәм итибарда

Сана: 11.02.2016  |  Муаллиф: Шаҳноза Төрениязова  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 2292Шарҳ 0

Ғәрезсизлик жылларында елимизде бәркамал әӯлад тәрбиясына қаратылған итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени келешек ийеоерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуӯатлаӯда, олардың имканиятларын жүзеге шығарыӯда әҳмийетли фактор болмақта.

Президентимиздиң тиккелей ғамқорлығы нәтийжесинде бүгинги күнге келип барлық билимлендириӯ мәкемелеринде, спорт объектлеринде қурылыс, ири оңлаӯ жумыслары алып барылып, жасларымыздың ийгилигине тапсырылмақта.

Буның әмелий көринисин заманагөй мектеплер, лицейлер ҳәм кәсип-өнер колледжлери, жоқары оқыӯ орынлары, спорт майданшалар, жүзиӯ бассейнлери ҳәм басқа да көплеген объектлер, оларда жаратылған ең заманагөй шараятлар мысалында ушыратыӯ мүмкин.

Және бир әҳмийетли мәселе, елимизде кем тәмийинленген шаңарақлардың балаларына, ата-анасынан айрылған балалар менен нуқсаны бар ҳәм майып ул-қызларға итибар қаратыӯ елимизде әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерден бири саналады. Әҳмийетли тәрипи, елимизде халқымыздың денсаӯлығын қорғаӯ ҳәм абадан турмысын тәмийинлеӯ жолында ҳуқықый тийкарлар беккемленип бармақта.

Бул бағдардағы саӯаплы ислер қатарында Өзбекистан Республикасы Қаржы ҳәм Денсаӯлықты сақлаӯ министрликлери тәрепинен жақында қабыл етилген «16 жасқа шекемги майып балаларды медициналық-мийнет эксперт коммиссияларында тексериӯден өткериӯ қағыйдалары»на бағышланған арнаӯлы қарары турмысымызда әҳмийетли орын ийелейди.

Интернет тармағындағы norma.uz сайтында дыққатымызды өзине қарататуғын материаллар қатарында Өзбекистан Республикасының жаңа нызамшылығы бойынша эксперт-юрист Е.Ермохина тәрепинен таярланған усы мәселе ҳаққындағы, яғный медициналық-мийнет эксперт комиссиялары туӯралы түсиндириӯди атап өтиӯ орынлы.

Келтирилген мағлыӯматлар бойынша жоқарыдағы қарарды қабыл етиӯден мақсет-баланың ата-анасы ямаса олардың орнын басатуғын шахслардың жасаӯ орнындағы даӯалаӯ-профилактика мәкемесиниң медициналық-мәсләҳәт комиссиясы тәрепинен берилген майып деп табыӯ ҳаққындағы медициналық жуӯмақтың тийкарлылығын үйрениӯден ибарат. Бул ҳүжжет тийкарында медициналық-мийнет эксперт комиссиялары тәрепинен майып балаға берилген медициналық жуӯмақ ҳәм де оның медициналық ҳүжжетлери толық үйренип шығылады ҳәм нәтийжеси бойынша майып баланы тексериӯден өткериӯ ямаса тексериӯден өткермей, сырттан консультатив жуӯмақ шығарыӯ ҳаққында коллегиялық қарар қабыл етиледи.

Медициналық-мийнет эксперт комиссиялары тәрепинен майып баланы тексериӯден өткериӯ ҳаққында қарар қабыл етилгенде, тексериӯден өткериӯ ӯақты ҳәм сәнеси көрсетилген ҳалда медициналық-мийнет эксперт комиссияларында тексериӯден өткериӯ комиссиялары рәсмийлестириледи ҳәм ол майып баланың нызамлы ӯәкилине  бериледи. Майып баланы медициналық-мийнет эксперт комиссияларында көриктен өткериӯ нәтийжелерине муӯапық оған берилген медициналық жуӯмақтың тийкарлы ямаса тийкарсыз екенлиги бойынша медициналық-мийнет эксперт комиссияларының консультатив жуӯмағы шығарылады.

Соны да атап өтиӯ орынлы, медицина жуӯмағын ҳәм де медицина ҳүжжетлерин үйренип шығыӯ нәтийжесинде майып балада консультатив жуӯмақты сырттан шығарыӯ ҳуқықын беретуғын кеселликлер ҳәм патологиялық жағдайлар дизиминде көрсетилген кеселликлер ямаса патологиялық жағдайлар бар екени анықланса, майып бала тексериӯден өткерилмейди. Яғный бундай ҳалатта майып балаға берилген медициналық жуӯмақтың тийкарлылығы бойынша медициналық-мийнет эксперт комиссияларының консультатив жуӯмақлары сырттан шығарылады.

Сайтта келтирилген мағлыӯматларда медициналық жуӯмақтың тийкарлылығы ямаса тийкарсызлығы бойынша консультатив жуӯмақ жоллама қабыл етип алынған күннен баслап 7 күн ишинде шығарылыӯы шәрт екени көрсетилген. Сондай-ақ, бул қарар Өзбекистан Республикасы нызам ҳүжжетлери топламының усы жыл 25-январдағы 3-санында рәсмий түрде жәрияланған күннен күшке киргени айтылған.

Солай екен, бул ҳүжжетти елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли ийгиликли ислер қатарында тереңнен үйрениӯ бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелери екенин атап өтиӯимиз тийис.

Шаҳноза Төрениязова,
НМПИдиң Мектепке шекемги ҳәм баслаӯыш
тәлим факультети дефектология тәлим бағдарының
1-курс студенти
«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
11-февраль 2016-жыл №7 (7867)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top