Саламат Авезов

| |

Ҳүрмет-иззет көрсетилди

Сана: 12.05.2016  |  Муаллиф: М Қылышбаев  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1432Шарҳ 0

Жәрдемге мүтәж болған инсанларға, майып ҳәм бийтапларға қалыс жәрдем бериӯ, теберик ата-аналарымыздың алғысын алыӯ әзел-әзелден халқымыздың әӯладтан-әӯладқа өтип киятырған әжайып дәстүрлериниң бири. Жақында Қоңырат районлық көзи әззилер жәмийети ҳәм көзи әззилер китапханасының шөлкемлестириӯи менен 9-май «Еслеӯ ҳәм Қәдирлеӯ» күнине бағышланған қайырқомлық илажы өткерилип, бунда жәрдемге мүтәжлардың жағдайларынан хабар алынды.

Урыс ҳәм мийнет ветераны Тәӯекел ата Бекмуратов көз бойынша 1-топар майыбы, 96 жасты қарсылаған теберик ана Үмит Сержанова ҳәм көзи әззилер жәмийетиниң мийнет ветераны, көз бойынша 1-топар майыбы Жәдигер Сейтмуратовтың шаңарақларына барып, оларды «Еслеӯ ҳәм Қәдирлеӯ» күни байрамы менен қутлықлап, оларға байрам саӯғалары инам етилди.

М.ҚЫЛЫШБАЕВ,
Қоңырат районлық көзи әззилер
жәмийети баслығы.

«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
12-май 2016-жыл №20 (7880)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top