Сана: 27.04.2016 | Муаллиф: Д.АБИБУЛЛАЕВ | Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы | Ўқилди: 1474Шарҳ 0
«Саламат ана ҳәм бала жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде аналықты ҳәм балалықты қорғаў, саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў, халқымызды, соның ишинде, ҳаял-қызлар менен балаларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериў, оларға мәнзилли қайырқомлық жәрдемин көрсетиў мақсетинде жолға шыққан гезектеги Саламатлық поезды 19-апрель күни республикамызға келди.
Ташкент қаласынан келген жигирмадан аслам қәнигели шыпакерлер, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, «Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық фонды Қарақалпақстан филиалының көшпели медициналық жәрдем бригадасы қәнигелери тәрепинен Қоңырат районының ең узақ «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» посёлкалық пуқаралар жыйыны турғынлары тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериледи. Буннан тысқары, республикамыздағы бир қатар емлеў-профилактика мәкемелерине, «Меҳрибанлық үйи» ҳәм Балалар үйиниң тәрбияланыўшыларына, Қоңырат, Шоманай, Қанлыкөл районларындағы кем тәмийинленген, бағыўшысынан айырылған шаңарақ ағзаларына, майыпларға, улыўма баҳасы 1 миллиард 102 миллион сумнан зыят дәри-дармақлар, медициналық әсбап-үскенелер, майыплар арбашасы, санитария-гигиена затлары, үй-руўзыгершилик буйымларын тапсырыў режелестирилген. Илаж шеңберинде кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж 500 шаңарақтан мәнзилли хабар алынып, азық-аўқатлық затлар, бир жасқа шекемги нәрестелери бар 100 шаңараққа санитария-гигиена буйымлары (балалар ваннасы ҳ.т.б.) бериледи.
— Еки күн даўамында «Карақалпақстан» посёлкасында жасаўшы 827 пуқара тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди,-дейди фондтың Қарақалпақстан филиалының директоры Оразгүл Ембергенова. — Соның менен бирге, 737 адамға мәнзилли қайырқомлық жәрдеми көрсетилген болса, усы аймақтағы 26 ҳәм 56-санлы улыўма билим бериў мектеплерине баҳасы 22 миллион 166 мың сумлық спорт инвентарьлары саўға етилди.
«Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық фонды ҳәм «Өзбекистан темир жоллары» мәмлекетлик акционерлик темиржол компаниясы менен бирликте Ташкент-Карақалпақстан-Жаслық-Ташкент жөнелиси бойынша шөлкемлестирилген медициналық-социаллық акция 26-апрельге шекем даўам етеди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...