Саламат Авезов

| |

Талантыңа гәп жоқ, Эльвира!

Сана: 14.11.2016  |  Муаллиф: Арыўхан Турекеева  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 1255Шарҳ 0

(Өзин майып, — деп есапламайтуғын кишкене қыз ҳаққында көп сөзлер)
Ҳәр жылы жаңа оқыў күни басланыўдан Эльвира:
— Мен де оқыўға бараман, — деп жылайды. Оның айтқанына бола мектепке де апарып, оқытып көрди. Дослары менен мектепке барып-келиўдиң гәшти өз алдына ғой. Парта, тахта бәри-бәри сезимталлы қызды өзине соншелли тарта береди. Бирақ...Усы сөзден соңғы көп ноқатлар Эльвираның бүгинги аўҳалын айтып бериўимизге бизди мәжбүрлеп тур.

Ол жүдә билимге қуштар, талантлы, ақыллы қыз. Оның  омыртқасының қыйсықлығы себепли еки бөтекеси раўажланыўдан қалған. Еки бөтеке де өз ўазыйпасын атқара алмағанлықтан раўажланбай қалған.

Туўылғандағы бул кеселлик қыздың өз қатарлары менен емин-еркин билим алыўына соншелли тосқынлық жасап турыпты. Сүйеклери қатып кеткенликтен бүгинги күни операция ислеў де пайдасыз, — деп табылған. Еле кишкене ўақтында анасы Ақжарқыннан ажыралды. Оның өлиминен соң ақлықларын Жумагүл Турымбетова сақлап отырыпты.

— Мениң үш ул, еки қызым бар. Соннан бир қызым авария себепли қайтыс болды. Оннан Несийбели ҳәм усы Эльвира қалды. Несийбели ҳәзир медицина колледжинде оқыйды. Ал, мына Эльвирам болса жүдә талантлы қыз. Ол сүўрет сызады, тоқыма тоқыйды, перог, салат дегенлерди ислей береди. Тазалықлы, ақыллы қыз. Гейде жеңсиз, шулық, табанлық тоқып қоңсыларға да сатады. Бизлер ҳәр биримиз оның тоқыған затларын кийип жүрмиз. Қызымның аўырғаны болмаса жүдә сабырлы, өзгеше ғой...

Жумагүл апаның көзинде жас пенен айтқан бул сөзлери бизди де бийпарық қалдырмады. Эльвира Далибаева 2000-жылы 1-ноябрь күни Төрткүл районындағы Жамбасқала АПЖ да туўылды.

Ҳәзирги күни сол жердеги 39-санлы улыўма билим бериў мектебинде 9-а класында билим алып атыр. Бирақ, ол қатарлары арасында жүрип емес, үй шараятында оқып атыр. Оған ҳәр түрли пәннен көплеген муғаллимлер үйине барып билим береди. Мақаламыздың усы жерине келгенде азы-кем шегинис жасаўымызға туўры келди. Эльвираның салған 300 дей сүўретлерин қолында көтерген бир жигит пенен бир қыз редакцияға кирип келди.

— Мынандай оқыўшымыз бар еди. Оның талантына бийпарўа қарай алмай, республика көлеминде таныстырмақшы едик. Қәйтип жаздыўдың есабын таба алмай, сүўретлерди көтерип келе бердик. Бундай сүўретлери еле көп, — деди олар.

Мақала жазыўға көнгенимизден соң  муғаллимлер менен де қызықтық.

Ерли-зайыплы Улығбек Алланиязов ҳәм Индира Сабирова 2016-2017-жаңа оқыў жылынан баслап өз қәлеўлери менен Төрткүл районының Жамбасқала аўылына жумысқа барады.

Улығбек дене тәрбиясы, Индира инглис тили пәнлеринен сабақ береди.

— Ата-анамыз бизлерди оқытты, бүгинги күнге жеткенимизше қасларында болдық. Енди бул өмирдиң қандай қыйыншылығы, қандай жақсы күнлери болса да бирге, өзлеримиз татыўды мақул көрдик — дейди олар.

Аўылдағылар қалаға жуўырғанда олардың аўылға барып ислеўи, әлбетте, ҳәмме жаслардың қолларынан келе бермейтуғын мәртлик. Енди ислегенине еки айдан аслам ўақыт болса да өз оқыўшысы ушын жан ашытқан муғаллимлер ҳаққында еле де билиў, Эльвираның жағдайы ҳаққында толық мағлыўмат алыў мақсетинде 39-санлы улыўма орта билим мектеби директоры Сапаргүл Фазылова менен дәрҳал байланыстық.

— Биринши нәўбетте муғаллимлер ҳаққында сөз етейин, сиңлим, — деп гәп баслады мектеп директоры. —Булар бизлерге мәденият тарқатыўшылар сыяқлы келген инсанлар. Өз қәлеўи менен шөлистанлыққа анаў-мынаў жигит-қыз жүрек етип келе бермейди.

Олар келгели оқыўшыларымыз жанланып қалды. Сабақтан соң бийпул инглис тилин өтеди. Олар саат 2 де келиўдиң орнына саат 1 ден баслап келип отырады. Жүдә искер жигит-қызлар. Талапшаңлығы себепли де Эльвира ҳаққында жазыў кереклиги екеўиниң пикири. Болмаса ол бул жерде әлле қашаннан берли жасап атыр. Енди өз оқыўшым ҳаққында айтар болсам, бул қыздың жағдайына бир адамдай ашынаман. 2013-жылы өзим бас болып Ташкент қаласына апарып, көрсетип келдим. Соннан кейин ғана майыплық напақасы таярланды. Оның соншелли билимге қуштарлығына ҳайран қаласаң. Қайсы пәннен сабақ берсе де муғаллимлер таңланып келеди. Бир айтқанды сол ўақытта «илип» алады. Ондай оқыўшы — «жаның» ғой. Эльвира жақсы тәрбия көрип атыр. Әжеси оған жақсы қарайды.

Директордың сөзинен соң ойланып қаласаң, бир жақсылық бир жақсылыққа баслайды. Жақсы инсанлар себепли биз Төрткүлге бармай-ақ Эльвира ҳаққында усы мақаланы жазыўға еристик.

Мектеп директоры Сапаргүл Фазылова 1991-жылы мектепке директор болды. Соның арасында АПЖ ның баслығы болып та иследи.

— Сапаргүл апа да жүдә жақсы инсан. Ол көп адамларға жақсылық ислеген. Эльвираға да көплеп жақсылықлар ислеген, — деди Индира гәп арасында. Жақсы инсанлар ҳаққында жазғанда толып-тасып, қуўанып жазасаң. Сөзлердиң өзи де қуйылып, қағаз бетине түсе береди. Бир мақалада бәрин айтыў шәрт пе еди, десеңизде бир-биреўине себепши болып, шынжырдай байланысқан жақсылыққа бийпәрўа қарап кете алмадық.

— Келешекте Эльвира өзиниң тигиў цехын ашыўды әрман етеди.  Ол дизайнер болмақшы. Аўыл қызы соншелли модаларды қайдан алып сызды екен дейсең. Еки қабатлы үлкен зәўлим жайдың сүўрети соғылған. Ондағы ресторан, тигиў цехы, салонларға сүйсинип қарап көзлериңе жас келеди. Нийетине ериссин нәресте, — деймиз. Жүдә зийрек, талапшаң қыз. Үйине ноутбук апарып, онан пайдаланыўды да үйретип атырман. Ўақтым болғанда қасында саатлап отырар, сөйлесер едим. Оның менен зерикпейсең. Билимли, талантлы оқыўшыңды жаныңдай сүйеди екенсең. Аўылда да талапшаң оқыўшылар дым көп. Сол ушын қаладан келип, бул жерде ислеп атырғаныма ҳеш өкинбеймен, — деди Индира менен сөйлескенимизде.

Өз оқыўшысының соншелли қәбилетли екенин көзине жас алып, айтып берген Индирадағы жаслық жигерди көрип, қуўандық. Эльвира менен де сәўбетлестик.

— Ҳәмме сүўретлер қыялыма келеди. 2-3-класслардан баслап сүўрет салып киятырман, — деди ол.

— Интернетке де мақаланы жиберемиз. Сени ҳәмме таныйды. Бәлким, аўырыўыңа шыпа табылар. Сақаўатлы адамлар компьютер әперер, — деп оны жубатқан болдық. Жаралы қәлбине ҳазар берип қойдық па көзлериңдеги жасларды билдиргиси келмесе де қәлби жылап тур. Аўыл қызының фантазиясының соншелли бай екенине таң қалдық. Еки қабатлы жайлар, сулыў гүллер, гөззал қызлар, өзгеше тәбият, қулласы өмирдиң барлық сулыўлығы жәмленген бул көринислерден көз үзбей қарап қаласаң.

Қәлби жақсылыққа, гөззаллыққа толы кишкене қыз ҳаққындағы мақаламызға жуўмақ жасай отырып, оның денсаўлығының жақсы болып кетиўине шын кеўилден миннетдаршылық билдиремиз.

Арыўхан ТУРЕКЕЕВА.
Төрткүл районы.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top