Саламат Авезов

| |

Халық саламатлығы: ийгиликли ислер даўам етеди

Сана: 16.11.2016  |  Муаллиф: Г. ӘБДИСАМЕТОВА  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 1205Шарҳ 0

Саламатлық — ең үлкен байлық. Себеби, саламат инсанлар — жәмийетимиз тиреги, олар ҳәмийше бахтияр болып, ийгиликли ислерди нийет етеди. Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, халқымыз турмыс шараятын, саламатлығын жақсылаўға қаратылғанлығы болса жүдә қуўанарлы. Буның нәтийжесинде медицина хызметкерлериниң искерлигинде көплеген жаңаланыўлар ҳәм жетискенликлер көзге тасланбақта.

Бүгинги күнде республикамызда 37 стационар емлеўхана, 229 амбулатория-поликлиника мәкемелери, 9 диспансер ҳәм басқа да емлеў-профилактика орынлары болып, олар заман талапларьна сай медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген. Халықтың саламатлығын сақлаў, сапалы медициналық хызмет көрсетиў системасын қәлиплестириў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, социаллық әҳмийетке ийе кеселликлерди даўалаў, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў илажларын күшейтиў, диагностика ҳәм даўаланыўда жоқары технологиядарды ен жайдырыў жолында ақ халат ийелери күни-түни пидайылық пенен хызмет етпекте.

Саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде халықтың медициналық мәдениятын арттырыў әҳмийетли. Репродуктив саламатлықты сақлаў, ерте некениң алдын алыў, жынысый жоллар менен жуғатуғын ҳәм өткир инфекциялық жуқпалы кеселликлер бойынша «Саламатлық ҳәм медицина статистикасы» Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен де бир қатар ис-илажлар әмелге асырылмақта.

Быйылғы «Саламат ана хәм бала жылы»нда болса шаңарағымыз периштеси, кеўлимиз қуўанышы саналған ҳаял-қызларымызға ҳәр қашанғыдан да күшлирек итибар қаратылмақта. Мәмлекетлик бағдарламада көрсетилгениндей турмыс қурып атырған жаслардың некеден алдын толық тексериўден өтиўин тәмийинлеў ушын медицина хызметкерлериниң жуўапкершилигин және де күшейтиў, сол тийкарда туўма ҳәм нәсиллик кеселликлердиң санын кемейтиў, поликлиникаларды заманагөй диагноз қойыў үскенелери менен тәмийинлеў, көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын жақсылыў, халықтың арасында беккем шаңарақ қурыў ҳәм саламат перзент туўылыўы ушын некеден алдын медициналық тексериўден өтиўдиң әҳмийетин түсиндириў мақсетинде кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Ҳаял-қызларымыз турақлы медициналық тексериўлерден өткерилип, аўыллық жерлерде жасап атырған ҳәмиледар келиншеклерге «Витрум пренатал форте» арнаўлы поливитамин комплекси тарқатылып, ҳал-жағда­йынан тийисли қәнигелер тез-тез хабар алып керекли мәсләҳәтлер берип келмекте.

Онкология хызметин жақсылаў ҳәм бундай кеселликлерди дәслепки басқышында анықлаў мақсетинде онколог қәнигелер тәрепинен 6293 ҳаял медициналық тексериўден өткерилди, соннан 612си ультрадаўыс ҳәм 256сы рентген тексериўине жиберилди. Туўыў жасындағы ҳаялларда анықланған өспе кеселликлери бойынша 205 ҳаял операция жолы менен даўаланды. Солар қатары республика бойынша 11 майып бала Ташкент қаласындағы Майыпларды реабилитация етиў ҳәм протезлеў миллий орайында емленип қайтты. Усы жылдың март айында Германияның «Фреденздорф интернейшнл» халықаралық шөлкеми қәнигелери қатнасыўында 3 жастан 12 жасқа шекем болған балаларда күйиў ақыбетинен келип шыққан шийеленискен шандықлы контрактуралар, сидик жоллары ағзаларының қыйын аномалиялары ҳәм таяныш ҳәрекетиндеги нуқсанларды хирургиялық жол менен даўалаўға мүтәж болған 12 бала Самарқанд қаласына медициналық тексериўден өткерилиў ушын жиберилди. Ташкент Педиатрия медицина институты клиникасында туўма жүрек нуқсаны бар 10 бала ҳәм В.Воҳидов атындағы Республика хирургиялық орайында 24 балаға операция исленди ҳәм саламатлығы тикленди.

Заманагөй әсбап-үскенелердиң қолланылыўы кеселликлерге өз ўақтында анық диагноз қойыўда ҳәм шыпакер, ҳәм наўқаслар ушын жүдә әҳмийетли саналады. Республикалық қәнигелестирилген акушерлик ҳәм гинекология илимий-әмелий медицина орайы Нөкис филиалына «Wella» жасалма өкпе вентеляциясы (ИВЛ) алып келинди ҳәм тез жәрдем медицина орайы, онкология диспансери заманагөй рентген аппараты менен тәмийинленди. Ташкент Педиатрия медицина институты Нөкис филиалы жанында жайласқан 10 айлық улыўма әмелият шыпакерлерин таярлайтуғын оқыў базасы ҳәм 7 шаңарақ поликлиникалары ушын 2206 дана оқыў қолланбалары берилди ҳәм бүгинги күнде нәтийжели пайдаланылмақта.

2015-жылғы инвестиция бағдарламасы тийкарында Қоңырат районындағы 4-санлы Республика районлар ара туберкулёзға қарсы гүресиў емлеўханасы, Хожели, Қараөзек ҳәм Нөкис районлық медицина бирлеспелеринде, 1-, 2-, 4-санлы Республикалық руўхый ҳәм неврология диспансери, Республикалық көп тармақлы медицина орайында реконструкция жумыслары алып барылып, заманагөй медициналық үскенелер орнатылды ҳәм наўқасларға сапалы медициналық хызмет көрсетилмекте.

Тараўда қандай жумыслар әмелге асырылып атырған болса, барлығы халықтың саламатлығын жақсылаўға, емлеў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге, заман талабына сай медициналық хызмет көрсетиўге қаратылған. Соны мақтаныш ретинде айтып өтиўимиз тийис, ғәрезсизлик жылларында республикамыздағы медициналық бирлеспелер, стационар емлеўханалар жаңаша көринис пайда етти. Қәнигелеримиздиң шет еллерде ис-тәжирийбелерин асырып келиўи болса тараўдың алға илгерилеўин, күшли кадрлар менен толысыўын тәмийинлемекте. Бундай ийгиликли ислер келешекте де даўам етеди.

Г.ӘБДИСАМЕТОВА.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң
Аналықты ҳәм балалықты қорғаў бөлими бас қәнигеси.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top