Саламат Авезов

| |

«ЭКОСАН» фондының қайырқомлық илажы

Сана: 06.12.2016  |  Муаллиф: Д. АБИБУЛЛАЕВ  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 2101Шарҳ 0

«Экосан» экология ҳәм саламатлық халықаралық қайырқомлық жәмийетлик қорының Қарақалпақстан аймақлық шөлкеми тәрепинен 3-декабрь — Халықаралық майыплар күни алдынан бир қатар қайырқомлық илажлары өткерилди.

Атап айтқанда, майып ҳәм жәрдемге мүтәж инсанларға жәми 6,9 миллион сумлық y дана майыплар арбашасы, 50 дана ҳаса таяғы, 20 жуп ересеклер ушын қолтық таяғы, балалар ушын 5 жуп балдақ қайырқомлық жәрдем есабында алып келинди. Соннан республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайы Нөкис орайына 2 дана майыплар арбашасы, 5 жуп ересеклер ушын қолтық таяғы, балалар ушын 5 жуп балдақ, Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийетине 1 дана майыплар арбашасы, 7 жуп қолтық таяғы, 20 дана ҳаса таяғы, Хожели районлық майыплар жәмийетине 1 дана майыплар арбашасы, 5 жуп қолтық таяғы, 10 дана ҳаса таяғы, Қарақалпақстан Республикасы көзи әззилер жәмийетине 10 дана ҳаса таяғы, Қараөзек районлық медицина бирлеспесине 3 жуп қолтық таяғы, 10 дана ҳаса таяғы тапсырылды. Соның менен бирге, аймақлық шөлкемге келип түскен арзалар бойынша еки майып пуқара арбаша менен тәмийинленди.

Бундай қайырқомлық илажлары даўам етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top