Саламат Авезов

| |

ШЕКЛЕНГЕН ИМКАНИЯТТЫ ЖЕҢИП АТЫРҒАН САЛАМАТ

Сана: 12.01.2017  |  Муаллиф: Гүлнара ТУРДЫШОВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 3031Шарҳ 0

Меҳирге мүтәж кеўиллер
Соңғы ўақытлары газетамызда тез-тез мақалалары шығып туратуғын Саламат Авезовты имканияты шекленген екинши топар майыбы екенлигин еситсем де оны жазғанларына қарай жағдайының соншелли мүшкил екенлигин көзалдыма келтирмеген едим.
— Бул газетамызға мақалалар жазып туратуғьн Саламат Авезов. Жаньңдағы ағай оның әкеси Юлдаш аға, — деди газетамыздьң жуўаплы хаткери Арыўхан Турекеева кабинетине келип отырғанларды таныстырып.

Бир күн бурын Өзбекистан телеканалынан эфирге берилген имканияты шекленген майып балалардың қатнасыўындағы концерт бағдарламасын көрип «не бир жаслар бар-аў, он еки мүшеси саў бола турып бар имканияттан пайдаланбай, үйлеринде ата-аналарына мусаллат болып қарап жатады. Ал, базылары намақул ислер менен шуғылланып жүреди» деп тәсирленгенимди Саламаттың бул көриниси және бир мәрте тастыйықлады. Себеби, ол жәмийетке керекли инсан боламан деген жақсы нийетлер менен усы жағдайына қарамастан билим алып, алға умтылып, мәмлекетлик грант тийкарында Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалына оқыўға кирип, оны тамамлағаннан соң сол дәргайда жумыс ислеп атырған талапшаң қәниге.

Саламат нөкисли Юлдаш пенен Айгүлдиң шаңарағында төрт перзентиниң үлкени болып, 1983-жылы дүньяға келген. Туўылғанынан денсаўлығында кемислик бар болып туўылған баланы ата-анасы көплеген шыпакерлерге апарып көрсетти. Балаға ақыры соң балалар церебраль ләңи кеселлиги бар екенлиги тастыйықланып, диагноз қойылды. Барлық балалар қатарлы ол да мектеп босағасынан атлап, пайтахтымыздағы 32-санлы мектепте билим алды. Сабақларынан жақсы баҳаларға үлгергенлиги ушын классласларынан еки жыл бурын мектепти тамамлады. Мектепте оқып жүрип еки жыл даўамында Прогресс тил үйрениў ҳәм раўажландырыў орайыньң бизнес бөлиминде билим алды. Мектепти тамамлағаннан соң бир жыл майыплар жәмийетинде жумыс иследи. 2007-жьлы хабар технологиялары бойынша Өзбекистан көлеминде таңлаўға қатнасып, биринши орынды ийеледи ҳәм ТАТУға грант тийкарында оқыўға кириў имканиятын қолға киргизди.

— Балам оңлы сөйлей алмаса да барлық нәрсени дурыс түсинеди, — дейди Юлдаш аға. Өзим әпиўайы бир қараўыл болып ислеймен. Оны мектепке де, жоқары оқыў орнындағы оқыўына да өзим апарып, қатнаттырдым. Студент ўақтында байланыс тараўы бойынша таңлаўға қатнасып стипендиант болды. Ҳәзирги ўақытта ТАТУ дың оқыў-жәмийетлик бөлиминде лаборант болып ислеп атыр. Балама жәрдем берип, оны қоллап-қуўатлап жумыс пенен тәмийинлеп қойған оқыў орнының басшылығына миннетдаршылық билдиремен. Саламат рус ҳәм инглис тиллерин жақсы биледи. Китап оқыўға қызыққаны соншелли, егер жумысқа өзи кетсе жумыстан шығып китапханаларға барып оқыў залларында китап оқып отырып қалады. Мәлимлеме технологиялары бойынша жетик қәниге болғанлықтан компьютер бойынша жәрдем сорағанлардьң мүтәжин питкериўден қашпайды. (Усы ўақытта Саламат бизге бир нәрсени түсиндирмекши болды). Әсиресе, майып балаларға деп атыр, — деди әкеси оның пикирин бизге толық түсиндирип.

Саламаттъң өзиниң жеке сайты бар болып онда өзиниң жазған мақалалары, аўдармалары орын алған. Сондай-ақ оның таңлаўларда қолға киргизген дипломларын көрип, соншелли табысларға ерискенине қайыл қаласаң.

Ол биз бенен хошласар екен газетамызды сүйип оқыйтуғынын, мақала жазыўға қызығатуғынын айтты, Соң кишкене мақаланы қолымызға услатты.

Олар кетти. Лекин, Юлдаш ағаның «қала транспортларында бийпул жүриўге рухсатнамасы болғаны менен егер мен қасында болмасам базы шофёрлар оны миндирмес екен. Ол қысынғанынан ақша төлейди, болмаса машинадан түсирип жиберген ўақытлар да болған», — деген сөзи кеўлимнен кетпес еди. Эҳ, инсанлар, меҳрибанлар, деген ойлар өтти қәлбимнен. Биз не болып баратармыз?! Биз кимбиз?! Инсанбызғой. Инсанның инсанлығын билдириўши пазыйлет олардың бир-бирине меҳрибанлығы, адамгершилик сезимлери емес пе?! Саламаттай балаларды Ҳүкиметимиз қоллап-қуўатлап, оларға көплеген имканиятларды жаратып бермекте. Өз гезегинде биз де оларға жәрдем қолымызды созыўдан шаршамайық, меҳиримизди аямайық.

Гүлнара ТУРДЫШОВА.
Сүўретте: Саламат әкеси Юлдаш аға менен.

Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
12-январь, 2017-жыл №3 (7915)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top