Саламат Авезов

| |

ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ МӘСЕЛЕСИ ҚАРАЛДЫ

Сана: 09.02.2017  |  Муаллиф: Н.РЕЙПНАЗАРОВ  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 445Шарҳ 0

Усы жылдың 1-февраль күни Нөкисте Өзбекистан ветеранларының жәмийетлик жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң кеңейтилген мәжилиси болып өтти. Оған қордың қалалық ҳәм районлық бөлимлериниң, мәпдар министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары, усы қордың Қәўендерлик кеңесиниң баслығы М.Содиқов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, елимизде халықты күшли социаллық қорғаў, әсиресе, кексе әўлад ўәкиллери ушын мүнәсип турмыслық шараятлар жаратыў, олардың саламатлығын қорғаў ҳәм беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимиздиң Биринши Президенти Ислам Кәримовтың басламасы менен шөлкемлестирилген Өзбекистан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры елимизде күшли социаллық сиясатты әмелге асырыўда мүнәсип үлес қосып келмекте. Атап айтқанда, урыс ҳәм мийнет ветеранларын ҳүрмет-иззетке бөлеў, оларға зәрүрли материаллық, руўхый ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў сыяқлы ийгиликли ислерде қордың тутатуғын орны айрықша екенин турмыстың өзи дәлиллеп бермекте. Әсиресе,  дәстүр бүгинги глобалласыў дәўири жаслар тәрбиясына және де сергек ҳәм қырағылық пенен қатнас жасаўды талап етпекте. Бундай руўхый-ағартыўшылық қубылысында теберик жастағы инсанлардың тәжирийбесинен, жол-жорығынан, ақыл-нәсиятларынан утымлы пайдаланыў зәрүр.

Президентимиз Ш.Мирзиёевтың 2016-жыл 28-декабрьдеги «Өзбекистан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураный» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы және «Кекселер ҳәм майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа көтериўде, әсиресе, «Нураный» қорының абырай-мәртебесин, оның статусын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Мине, усындай ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында белгиленген илажларды әмелге асырыўда «Нураный» қоры ҳәм оның орынлардағы бөлимлерине үлкен жуўапкершилик жүкленеди. Қорға басшылық етиў үлкен жуўапкершиликти, тийисли тәжирийбе ҳәм көнликпелерди талап етеди.

Болып өткен мәжилисте усы талаплар тийкарында  шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Илаж қатнасыўшылары  Өзбекистан ветеранларының жәмийетлик жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы лаўазымына бурын Өзбекистан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураный» қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлими Кеңесиниң баслығы лаўазымында ислеп келген Шарап Уснатдиновтың кандидатурасы усынылды.

Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Г.Аннақлычева, Өзбекистан Илимлер Академия­сының академиги Ж.Базарбаев, Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспесиниң баслығы У.Жалменов ҳәм басқалар талабанның кандидатурасын қоллап-қуўатлап, шығып сөйледи.

Илажда, сондай-ақ, Өзбекис­тан ветеранларының жәмийетлик жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры Қәўендерлик кеңесиниң баслығы, қордың тексериў комиссиясының қурамы, қордың Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң басқарма қурамы сайланды.

Н.РЕЙПНАЗАРОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы

 

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top