Саламат Авезов

| |

Спорт бәрше ҳәм ҳәр биримиз ушын

Сана: 20.05.2017  |  Муаллиф: Гульшат Турсымуратова  |  Манба: Special Olympics Karakalpakstan  |  Ўқилди: 2516Шарҳ 0

2017-жылдың 20-май күни саат 9.00 де Нөкис қаласы Туран стадионында «Өзбекистан Арнаўлы Олимпиадасы» спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳәм бир қатар министрликлер менен қоспа ис режеси тийкарында быйылғы «Халық пенен сәбетлесиў ҳәм инсан мәплери» жылы, сондай-ақ, жақынлап қалған 1-июнь «Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибетлери менен «Спорт бәрше ушСпорт бәрше ушын ҳәм ҳәр биримиз ушынСпорт бәрше ушын ҳәм ҳәр биримиз ушынын ҳәм ҳәр биримиз ушын» сүрени астында жәрдемши мектеп интернатлары ҳәм үй шараятында тәрбияланып атырған имканияты шекленген балалар ҳәм жасы үлкенлер арасында мини-футбол бойынша спорт жарыслары болып өтти.

Соң, қатнасыўшылар «Айдаўлет» ресторанында байрам дастурханына алып барылды. Ол жерде балалар ушын «Тасанно келажак» жеке цирк бағдарламасы қойып берилди. Бул иләжларда төменде көрсетилген оқыўшылар қатнасты тутылған: Хожели районындағы 3-санлы Республикалық ақлы-зайып мектеп-интернатынан 30-оқыўшы, 4-санлы герең ҳам шала еситиўши мектеп-интернатынан 14 оқыўшы, 6-санлы Республикалық интернатынан 14 оқыўшы, 10-санлы көззи әззи балалар интернаты 14 оқыўшы, үй шәрайатында тәрбияланып атырған 28-оқыўшы ҳәм Нөкис қалалық ХБМХМТ ҳәм ШБне қараслы 3-санлы мектептиң 7 оқыўшы (саламат балалар).

Бәрше қатнасыўшыларға жарыс соңында қәўендер шөлкемлер тәрепинен саўғалар берилди ҳәм номинациялар белгиленип менен Қарақалпақтан Республикасы Дене-тәрбиясы ҳәм спорт бойынша Мәмлекетлик Комитети, Либерал Демократик партиясы Қарақалпақтан Республикасы басқармасы, Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы Қарақалпақтан Республикасы бөлимлери тәрепинен дипломлар менен сыйлықланды.

Бул илажга имканияты шекленген балалар ҳәм үлкенлердиң спорт жарысларың қоллап-қуўатлаў ушын колледж жаслары тартылды. Жарыс қатнасыўшылардың кеўиллерин көтериў ушын Каракалпак мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Роза Пиязова басшылық еткен топары _________________ атамасындағы театрластырылған бағдарламасын қойып берди ҳәм балаларды қоллап биргеликте мини-футбол жарысларын ойнады.

Жарыстын ашылыў салтанатын Қарақалпақтан Республикасы Футбол Федерациясы баслығы Володя Назаров ашты ҳәм жарыс қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады, Соң бир қатар министрликлерден ўәкиллер шығып сөйлеп ҳүкиметимиздиң бүгинги күндеги әдил социал сиясаты нәтийжесинде ҳәр бир пуқараның ҳуқықлары қорғалып бәрше шараятлар жаратылғаның айтып өтти.

Жарыс қатнасыўшыларын Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы Қарақалпақтан Республикасы бөлими баслығы Гулшат Турсымуратова қутлықлады ҳәм қатнасыўшыларға әўметлер тиледи. Соң «Оила» маркази Қарақалпақтан Республикасы бөлими баслығы Зульфия Матвапаева байрам менен қутлықлап, шаңарақларда балалар шадлығы болыўын, балаларымыздың ден-саўлықлары беккем болыўларын тиледи, №арақалпақ футболының жулдызлары болған Қаллибек _________________лар жарыс қатнасыўшыларын қутлықлап миллионлар ойыны болған футбол менен шуғылланып өз саламатлықларын беккемлеп спорт пенен шуғылланыўға шақырды. Соң, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақтан Республикаларының гимнлери жаңлады.

Дүнья балаларының сүйип тамаша етиўшиси Микки-Мауыс ҳәм басқада ертек каҳарманлары мирәт етилип балалардың кеўиллерин көтериўге жәрдем берди. Айдаўлет ресторанында «Тасанно келажак» жеке цирк бағдарламасы қойып берилип балалар кеўилинен орын алды.

Жарысты өткериўге қәўендерлик еткен шөлкемлер: Қарақалпақтан Республикасы Дене-тәрбиясы ҳәм спорт бойынша Мәмлекетлик Комитети, Либерал Демократик партиясы Қарақалпақтан Республикасы басқармасы, «Еврострой» ЖШЖ, «Афри» ЖШЖ, «Пана-милк»ЖШЖ, Нукус-Дилиша» ЖШЖ, «Алпамыс» рестораны, «Граф» тойханасы, «Табассум» кафеси, «Бакер-гроуп» ЖШЖ, «Рахимов» Жеке карханасы, «Каракалпак кондитер өнимлери» ЖШЖ,  «Бигстар»ЖШЖ, «Азык-аўқат» магазины, «Қайыпбергеновлар шаңарағы» ЖШЖ ҳәм бир қатар Орайлық базар исбилерменлери Руслан Казбеков, Гаўхар Алланова, Мнажев Амирбек, Бахадыр, Несибели әмелий жәрдемлер көрсетти.

Қарақалпақтан Арнаўлы Олимпиадасы спорт жәмийетлик бирлеспесине 2016-жылдың сентябрь айынан баслап имканияты шекленген балалар ҳәм жасы үлкенлерди спорт ҳәм басқада мәдений илажлар арқалы саўаландырыў мақсетинде Корея Халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICO) шөлкеминен ң волонтер бағдар билимлендириў, саламатлық, жас өспиримлер менен ислесиў, социаллық жәрдемлесиў бойынша жумыс ислеўге жәрдемлер көрсетип келмекте.

Олар бүгинги күнде Өзбекистан Арнаўлы Олимпиадасы» спорт жәмийетлик бирлеспеси ҳәм Өзбекистан Республикасы Халық Билимлендириў министрлиги менен биргеликте тастыйықлаған реже тийкарында волонтер Ким Юна 36-санлы ҳәм 40-санлы балалар бақшасында, Ким Исыль ЖӨСМ № ә(МАНЕЖ)де, ҳәм Нөкис қаласындағы уй шараятындагы балалар менен ислесип, Мун Джуён Нөкис қалалық Ден-саўлықты сақлаў емлеўханасында, ҳәм Ли Имсун Хожели районындағы №3 санлы Республикалық Арнаўлы мектеп-интернатында, Нөкис қаласындағы 3-санлы халық билимлендириў мектебинде ҳәм Қарақалпақтан Арнаўлы Олимпиадасы имаратында жумыс алып барып жақыннан волонтерлық бийғәрез жәрдемлерин көрсетпекте.

Буннан тысқары шөлкемге жәмлескен басқада волонтер Театр институтынын Нөкис қалалық филиалынан Бахрам Отарбаев, НИМПИ Жулдыз Срашова, Алокан Алламбергенова, Баўыржан Абатов, имканияты шекленген балалардың ата-аналары Гульчехра Раимова, Гульзар Қалмуратова, Татьяна Шарафутдинова, Зоя.

Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы спорт жәмийетлик бирлеспесинин Лидер атлетлары: Өмирнияз Нурниязов, Муҳаммед Туржанов, Руслан Жақсымуратов, Зарыўхан Атаниязова, Камшат Табынбаева, Назлымхан Қу ўанышбаева, Турсынай Жумашева ҳәм т.б Жарыс қатнасыўшыларын қоллап-қуўатлаў ушын Қарақалпақ жас эстрадасы жулдызлары, «Арзу» ансамбли келип балалардың кеўиллерин шад етти ҳәм байрамды көтеринки руўыхта өткериўге жақыннан әмелий жәрдем көрсетти.

Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы
Қарақалпақтан Республикасы бөлими баслығы

Гулшат Турсымуратова

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top