Саламат Авезов

| |

Өмиримиз гүлтажы

Сана: 06.06.2017  |  Муаллиф: Т.ЖӘРИМБЕТОВА  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 987Шарҳ 0

Балалар өмиримиз мазмуны, жарқын келешегимиз. Бала күлсе әлем гүлистан, дейди дана халқымыз. Шынында да, олардың бахытлы ҳәм шадлы күни ушын бәршемиз жуўапкермиз.  Елимизде жаслардың билим алыўы жолында әмелге асырылып атырған қәдемлер мақтаўға ылайық. Олардың талантын, шеберлигин еле де арттырыў мақсетинде түрли таңлаўлар, пән олимпиадалары, спорт ойынлары көтериңки руўхта болып өтпекте. Өзбекистан Республикасы Арнаўлы олимпиадасы жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминде 1-июнь — Халықаралық балаларды қорғаў күнине арнап майып балалар ушын спорт ойынларының өткерилиўи усындай қайырлы ислердиң бири болды.

— Имканияты шекленген балалар ҳәмийше жәмийетимиз итибарында. Олардың усындай спорт ойынларында өз теңлеслери менен ушырасып, қуўанысқанына гүўа болған ата-аналардың да қуўанышының шеги жоқ. Бундай илажлар олардың ўақтын мазмунлы өткерип қоймай, жәмийетке бийим­лесиўине де жәрдем етеди, -дейди усы бирлеспениң Қарақалпақстан Республикасы бөлим баслығы Г.Турсымуратова.

Байрамда балаларға тийисли шөлкемлер тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ, олар ертек қаҳарманлары менен биргеликте спорт жарысларында кеўилли қатнасты ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында олардың нәзерине миллий ертеклеримизден спектакльлер қойып берилди. Бундай кеўилли байрам илажлары еле даўам етпекте.

Т.ЖӘРИМБЕТОВА.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top