Саламат Авезов

| |

Әмиўдәрьялы еки майып жумыс пенен тәмийинленди

Сана: 09.06.2017  |  Муаллиф: ҚХА  |  Манба: KRUZ.uz  |  Ўқилди: 2291Шарҳ 0

Алдын хабар еткенимиздей, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик мәсләҳәтшиси Т.Худойбергенов республикамыздың Әмиўдәрья районында болып, көшпели қабыллаў өткерген еди. Халық пенен ашықтан-ашық сәўбетлесиўден соң, машқалалар менен мүрәжат еткен көплеген пуқаралар қатары районның «Наўайы» ҳәм «Басув» мәкан пуқаралар жыйынларының турғынлары – еки майып ҳаялға да жәрдем қолы созылды. 1964-жылы туўылған 1-топар майыбы Д.Ибодуллаева ҳәм 1996-жылы туўылған 2- топар майыбы Ж.Каримоваларға тигиў машиналары алып берилип,

«Ўзпахтасаноат» акционерлик компаниясының Пахтасанаат аймақлық филиалына қараслы болған пахта тазалаў заводы менен жумысты үйге алып ислеўге шәртнама дүзилди.

– Қызларымыздың екеўи де шаңарақ қура алмай, ата-анасы, апа-сиңлилери, келини менен жасап келмекте. Бул шаңарақлар кем тәмийинленген болғаны себепли Дәрманжан ҳәм Жулдыз руўзыгершиликке жәрдем болсын деп аянбай мийнет етпекте, – дейди районның ҳаял-қызлар комитети баслығы  М.Ахмедова. – Биз де олардың жумысын өндириў мақсетинде буйыртпалар, гезлемелер жеткерип турмыз.

Бүгинги күнде олар заводқа күнине 300-400 фартук жеткерип бермекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Манба: Qoraqalpog’iston Yangiliklari

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top