Саламат Авезов

| |

Мүрәжатлар унамлы шешилди

Сана: 03.08.2017  |  Муаллиф: Зийўархан ХОЖАМУРАТОВА  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 1945Шарҳ 0

Елимизде «Халық мәмлекетлик уйым­ларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принципти әмелде жүзеге шығарыў, сондай-ақ, мүрәжатлар менен ислесиўдиң сапа жағынан түп-тийкарынан жаңа системасын жаратыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын түпкиликли жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилген еди. Усыған муўапық, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы Халық қабыллаўханасында пенсия тәми­й­наты бойынша мәселелер көрип шығылды.

Бюджеттен тысқары  пенсия  фонды  Нөкис қалалық бөлими тәрепинен  пенсия  тәмийнаты бойынша машқалаларға байланыслы пуқаралар қатнасында өткерилген ушырасыўға Нөкис қалалық Халық қабыллаўханасы баслығы Еркин Өтениязов, Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша Жоқарғы суды  баслығының орынбасары Камал Тарихов, Бюджеттен тысқары  пенсия  фонды Нөкис қалалық бөлими ҳуқық мәсләҳәтшиси В.Доносовалар қатнасып, Өзбекистан Республикасының  «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамына киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар, шағым-арзалар, арза жазыў тәртиби ҳаққында түсиниклер берип өтти. Жыйналысқа қатнасқан пуқаралар пенсия тәмийнаты бойынша керекли мағлыўматлар алды ҳәм тараўдағы машқалалар ҳаққында өз пикир, усынысларын билдирди.

Мысалы, пуқара, азық-аўқат дүканында сатыўшы болып ислеп, напақаға шыққан Арыўхан Мәмбетназарова екинши топар майыбы, туўысқан инисин 2014-жылдан баслап өз қарамағына алады. Ҳәзирги ўақытта үй шараятында оған ғамқорлық етпекте. Бул ҳәрекети оның мийнет стажына қосылыўы ҳаққында сорап мүрәжат етти. Оған жуўап ретинде, Нызамға киргизилген соңғы өзгерислер бойынша биринши I топар ҳәм 16 жасқа шекемги балалықтан майыпларға ҳәм 80 жастан асқан қарияларға ғамқорлық етип атырғанлардың мийнет стажына ҳақы қосылатуғынлығы бойынша толық мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, жыйналыс соңында қәнигелер айырым жумыс орынларының атамасы өзгериўи яки ис орнының жаўылып кетиўи, напақа пулын белгилеўдеги қәте-кемшиликлер менен байланыслы бол­ған машқалаларға кеңнен тоқтап өтти ҳәм қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған  сораўларға жуўаплар алды.

Зийўархан ХОЖАМУРАТОВА,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top