Сана: 05.09.2017 | Муаллиф: Makan.uz | Манба: Makan.uz | Ўқилди: 2721Шарҳ 0
5-сентябрь күни Шымбай районы «Конши» МПЖ аймағында 2-топар майыбы Гүлчехра Фазылбековаға 3 ханалы арзанластырылған турақ жай салтанатлы түрде тапсырылды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етпекте.
Бул жайды райондағы «Шымбай тамирлаш» ЖШЖниң қолы гүл қурылысшылары қурып питкерди. Сондай-ақ, «Өзпахтасанаат» акционерлик жәмийети «Пахтасанаат» аймақлық филиалына қараслы пахта тазалаў кәрханасы менен дүзилген шәртнамаға тийкар Г.Фазылбековаға 1 дана тигиў машинасы менен биргеликте керекли материаллар жеткерип берилди. Ол тигиў машинасында бир күнде 250 ден артық фартук тигеди.
Байрамдай болып өткен бул илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы М.Ерниязов, Өзбекистан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев, район ҳәкими О.Қазақбаев, министрлик ҳәм ведомстволар басшылары қатнасты.
Манба: Makan.uz Рәсмий веб-сайты
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...