Саламат Авезов

| |

Ақылый жақтан раўажланыўы төмен балаларға жаңа жыл байрам кешеси шөлкемлестирилди

Сана: 12.12.2017  |  Муаллиф: Сахибжамал Есемуратова  |  Манба: KarInform.uz  |  Ўқилди: 1480Шарҳ 0

Бүгин, яғный 12-декабрь күни Өзбекистан арнаўлы олимпиада спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикалық бөлими тәрепинен ақылый жақтан раўажланыўы төмен балаларға жаңа жыл байрамы шөлкемлестирилди. Бул байрам кешеси Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында болып өтти. Онда 250 ден аслам балалар қатнасты. Байрамға мийман сыпатында келген Аяз ата ҳәм қар қызы тәрепинен ҳәр түрли ойынлар шөлкемлестирилип, балаларға саўғалар берди.

Өзбекистан арнаўлы олимпиада спорт жәмийетлик бирлеспеси ҚР бөлиминиң баслығы Гүлшат Турсымуратова: «Бизиң шөлкемимиз ақылы зайып балалар менен турақлы түрде ислесип барады. Оларға тез-тезден усындай тамашалар, ойынлар шөлкемлестирип турамыз. Оларды жәмийетке араластырыўға, олардың сана-сезиминиң жетилисиўине үлес қосыўға ҳәрекет етип атырмыз», - деди биз бенен сәўбетте.

Сахибжамал Есемуратова.

Манба: KarInform.uz – Информациялық-аналитикалық сайт

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top