Саламат Авезов

| |

Қанлыкөлде еки балаға еситиў аппараты менен дәри-дәрмақлар алыўына мәнзилли жәрдемлер көрсетилди

Сана: 10.01.2018  |  Муаллиф: Makan.uz  |  Манба: Makan.uz  |  Ўқилди: 1457Шарҳ 0

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрь күнги «Халықтың кем тәмийинленген қатламын қоллап-қуўатлаўдың қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3268-санлы қарарына муўапық, район ҳәкимлиги, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетшик фонды ҳәмде кәсиплик аўқамлары шөлкемлери менен район аймағындағы қайырсақаўатлық илажлары әмелге асырылмақта. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар бермекте.
Қайырсақаўатлық илажлары негизинде, аймақларды үйрениў барысында анықланған мүтәжликлери тийкарында, Қанлыкөл районында кем тәмийинленген  шаңарақларға хожалық буйымлары берилген болса, район аймағындағы 6 оқыўшы жасларға мәнзилли медициналық жәрдемлер көрсетилиўи белгиленди.

Бүгинги күни «Қанлыкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Т.Исламбаеваға 4 млн сўмлық еситиў аппараты, «Жайҳун» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы А.Реймовқа емлениўи ушын 4 млн сўмлық мәнзилли медициналық дәри-дәрмақлар берилди.

Бундай қайырсақаўатлық илажлары район аймағында даўам етпекте.

Манба: Makan.uz – Мәмлекетимиздеги жаңалықлар порталы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top