Саламат Авезов

| |

Төрткүл районы прокуроры: Төрткүлде 41 майыплылығы бар шахсқа арбашалар берилди

Сана: 13.01.2018  |  Муаллиф: Өмирбай ХУДАЙБЕРГЕНОВ  |  Манба: KRUZ.uz  |  Ўқилди: 1406Шарҳ 0

Төрткүл районы ҳәкимлиги, район прокуратурасы басламалары менен қәўендер шөлкемлердиң есабынан аймақта жасаўшы, жәрдемге мүтәж болған 41 майыплығы бар шахсқа майыплар арбашасы берилди.
Төрткүл районындағы «Шорахан» АПЖ аймағында жасаўшы 1950-жылы туўылған Исмайыл Алламов наўқасланып, 10 жылдан берли төсекке байланып қалған еди. Оған майыплар арбашасының берилиўи онда ертеңги күнине үмит ояндырды, ҳәмме қатары далада айланып, таза ҳаўадан нәпес алыўға имканият жаратылғанлығына шын кеўлинен қуўанып, көзине жас алды. Елимиз басшыларына миннетдаршылығын билдирди.

Төрткүл районы ҳәкимлиги, район прокуратурасы басламалары менен қәўендер шөлкемлердиң есабынан районда жасаўшы, жәрдемге мүтәж болған 41 майыплығы бар шахсқа майыплар арбашасы алып берилди. Бул илаж даўамында майыплар арбашасынан басқа, олардың ҳәр бирине бир қалтадан ун, май ҳәм азық-аўқатлық затлар берилди. Олар мәмлекетимиз итибардан шетте қалмайтуғынлығына көзи жетти. Бундай саўап ислер республикамыз бойлап даўам етпекте.

Өмирбай ХУДАЙБЕРГЕНОВ,
Төрткүл районы прокуроры.

Манба: Qoraqalpog'iston Yangiliklari sayti

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top