Саламат Авезов

| |

Қанлыкөлде социаллық қорғаўға мүтәж жаслар ҳалынан хабар алынды

Сана: 15.04.2018  |  Муаллиф: KANEWS.uz  |  Манба: Makan.uz  |  Ўқилди: 1328Шарҳ 0

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жылдың 12-январь күнги  «Майыплығы бар болған пуқараларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары талапларының орынланыўы негизинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Қанлыкөл районы ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамының районлық Кеңеси менен биргеликте социаллық қорғаўға мүтәж жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, район аймағындағы үй шәраятындағы имканияты шекленген жаслардың үйлерине барып, социаллық жағдайын үйренип, аўҳалынан хабар алды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар бермекте.

Жаслардың билдирген усынысы тийкарында,  «Бескөпир» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 1992-жылы туўылған Төребаева Гүлрайханға ҳәмде «Қосжап» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 1991-жылы туўылған Исметова Гүлмираларға майыплар арбашалары тапсырылды.

Манба: Makan.uz – Мәмлекетимиздеги жаңалықлар порталы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top