Саламат Авезов

| |

Майыплығы болған шахслардың шофёр ҳәм шофёрлыққа талабан сыпатында медициналық тексериўден өтиў тәртиби белгиленди

Сана: 14.05.2018  |  Муаллиф: Әдиллик министрлиги  |  Манба: Makan.uz  |  Ўқилди: 1571Шарҳ 0

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде Шофёр ҳәм шофёрлыққа талабанларды транспорт қуралларын басқарыўға жарамлылығын тексериў ушын медициналық тексериўден өткериў тәртиби ҳаққындағы режеге өзгерис ҳәм қосымшалар мәмлекетлик дизиминен өткерилди, деп хабар берди Әдиллик министрлиги телеграм каналында. Реже менен майыплығы болған шахслардың Шофёр ҳәм шофёрлыққа талабан сыпатында медициналық тексериўден өтиў тәртиби анық белгиленди.

Алдын бундай шахслар шофёрлық ушын медициналық тексериўден өтиўде машқалаларға дус келер еди.

Енди, майыплығы болған шахслардың арнаўлы үскенелер менен қайта үскенеленген ҳәм автомат узатқышлы жеңил автотранспорт қуралларын басқарыўға жарамлылығын анықлаў ушын дәслепки ҳәм дәўирли медициналық тексериўден өткериў қарсылықсыз әмелге асырылады.

Сондай-ақ, ҳүжжетте майыплығы болған шахсларды медициналық тексериўден өткериў тәртиби, мүддетлери ҳәмде медициналық тексериўден өтиўи лазым болған майыплық тайпалары белгиленди.

Манба: Makan.uz – Мәмлекетимиздеги жаңалықлар порталы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top