Сана: 02-06-2018 | Муаллиф: Makan.uz | Манба: Makan.uz | Ўқилди: 1588Шарҳ 0
Республикамыздың барлық орынларында 1-июнь «Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрам мүнәсибети менен Қанлыкөл районында район ҳәкимлиги, районлық медицина бирлеспеси менен тийисли мәкемелер басшылары қатнасында майыплылығы бар болған «Қанлыкөл» посёлка пуқаралар жыйынында жасаўшы Б.Алламбергенова менен «Арзымбетқум» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы М.Мадияровлардың социаллық жағдайларынан хабар алып, байрам саўғалары менен майыплар арбашалары тапсырылды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Жаслар аўқамының районлық Кеңеси тәрепинен район аймағындағы майыплылығы бар болған жас өспиримлер «Бескөпир» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Р.Нуратдинов пенен «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы М.Муяддиновалардың үйлерине барып, аўҳалынан хабар алынып, майыплар арбашалары саўға етилди.
Буннан тысқары, үй шәраятында тәрбияланып атырған имканияты шекленген 10 өспиримниң үйлерине барып, аўҳалларынан хабар алынды. Балаларды байрам менен қутлықлап, әдебий китаплар менен саўғалар берилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар берди.
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...