Саламат Авезов

| |

ИТИБАРДАН ИЛХАМЛАНҒАН САРБИНАЗ

Сана: 6.09.2018  |  Муаллиф: Мухаббат ҚАЛЖАНОВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 476Шарҳ 0

Мәмлекетимиздиң ҳаял-қызларымызға қаратып атырған итибарының ҳәм ғамқорлықларының нәтийжесин бүгинги күнде олардың ерисип атырған табыслары мысалында көриўимизге болады. Пайтахтымыздағы «Қумбыз аўыл» мәкан-пуқаралар жыйынында 5500 ге жақын түрли миллет ўәкиллеринен қуралған шаңарақлар жасап атыр. Бул аймақда Арзыгүл Қудайназарова басшылық етип, аймақ пуқараларының мәселелери, өзлерине байланыслы машқалалары бойынша аўыл-ақсақаллары, тәжирийбели қәнигелер менен биргеликте жумыслар алып бармақта.

Кеше ғана елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы қарсаңында усы аймақ турғыны Сарбиназ Қойлыбаеваның өмиринде хәм шаңарағында үлкен қуўанышлы ўакыя жүз берди. С.Қойлыбаева Президентимиз тәрепинен берилген «Жасорат» медалы менен сыйлықланды. 1986-жылы дүньяға келген бул кыз балалығынан имканияты шекленген болыўына қарамастан өзиниң интасы, қызығыўшылығы ҳәм мийнетиниң арқасында ҳеш қашан арқаға қарамастан бар куш-жигери менен тынымсыз изленисте ҳәм үйрениўде болды. Үйде бос отырыўды өзине еп көрмей, тигиўшилик пенен шуғылланыўды үйрене баслады. Бул жолда оның ата-анасы Қошқарбай Қойлыбаев ҳәм Диляра Раметовалар қол қанат болып, перзентиниң кемтик кеўлин көтериў ушын бар күш жигерин ҳәм жәрдемлерин аямады. Қолы гүл өнермент Алмагүл Қәлимбетоваға Сарбиназды шәкиртликке берди.

Устазынан тигиўшиликтиң барлық сырларын қунт пенен үйренген Сарбиназға «Қумбыз аўыл» МПЖ тәрепинен тигиў машинасы саўға етилди. Бундай итибардан кеўли таўдай көтерилген бул қыз енди өзиие жараса жумыс излей баслады. Мәмлекетимиз басшылары имканияты шекленген инсанларға соңғы еки-үш жыллықта жүдә күшли итибар қаратып атыр. Олардың ишинде мийнетке жарамлы, қолларында өнери бар инсанларды үй шәраятында жумыс пенен тәмийинлеў бойынша бир қатар жумысларды әмелге асырып келмекте. С.Қойлыбаевада «Хожели пахта заводы» менен шәртнама дүзип үйде отырып пахта жыйын терим мапазында пайдаланатуғын белбеўли қалталарды (фартук) тигиў менен шуғылланып атыр. Бир тәрептен өмнрге деген талпынысын арттырып, бир жағынан өзиниң ҳәм шаңарағына экономикалық жақтан жәрдем берип атырғанынан кеўли қуўанышқа толған Сарбиназ журтшылыққа белгили өнермент Айзада Нурымбетоваға ҳәўес етип жасайды.

— Келешектеги нийетлерим менде көпшилик жаслар қатары жоқары оқыў орынларында оқып студент болыў бахтына ерисиў әрманым. Менде жаслық ўақтымды бийкарға өткерместен теңлеслерим киби өз өнерим менен турли таңлаўларға қатнасып жеңимпаз болыўды қәлеймен. Байрам қарсаңында елимиз басшысы М.Ерниязовтын өз қолларынан «Жасорат» медалын алған ўактымдағы қуўанышымды сөз бенен жеткерип бере алмайман. Бул медаль мениц ертеңги күнге болған исенимимниң артыўына, еледе өз үстимде изленип буннан да жоқары нәтийжелерди қолға киргизиўим ушын күшли мийнет етиўге ийтермелейди, – дейди сәўбетлесимиз С.Қойлыбаева.

Нөкис қаласы ҳәкнминиң орынбасары, қалалык ҳаял-қызлар комитети баслығының ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшысы Гүлсара Абибуллаева ҳәм усы аймақ басшылары, аўыл ақсақаллары менен биргеликте Сарбиназдың үйине барып қутлыклап өзлериниң баҳалы саўғаларын тапсырды.

Усындай өнерли, талапшаң ҳәм өмирге болған қуштарлығы жоқары жасларымыздың қатары еледе көбейип елимиз раўажына өзлериниң үлесин қоса бериўине исеним билдиремиз.

Мухаббат ҚАЛЖАНОВА,
«Қумбыз аўьл» МПЖ қәнигеси.

Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
6-сентябрь, 2018-жыл. №36 (8000)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top