Сана: 13.09.2018 | Муаллиф: Дильнозя МАХАНБЕТОВА | Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы | Ўқилди: 1840Шарҳ 0
Кем тәмийинленгенлерге, имканияты шекленген инсанларға қайырқомлық жәрдемлерин көрсетип, олардың мүтәжликлерин питкериў халқымыздың әзелден-ақ қанына сиңген пазыйлетлерден саналады.
Пайтахтымыздағы 11-санлы «Туңғыш қоңыс» мәкан пуқаралар жыйынының турғыны, биринши топар майыбы, бағыўшысы жоқ Қайрат Қозықуловты Нөкис қалалық медицина бирлеспеси емлеўханасының көп тармақлы поликлиникасы өз қәўендерлигине алған еди. Ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллық байрамы қарсаңында поликлиника жәмәәти тәрепинен Қайрат Қозықуловтың турақ жайын оңлаў ушын 9 миллион сум қаржы ажыратылып, үй ҳәр тәреплеме сапалы етип оңланды.
– Жәрдемге мүтәж болған инсанларға қайыр-сақаўатлылық көрсетип, олардың итияжын питкерген қандай жақсы, – дейди поликлиниканың социаллық бөлиминиң хызметкери Гүлмийра Маханбетова. – Жәмәәтимиз бундай ийгиликли ислерди алдағы ўақытлары да даўам еттиреди, деп ойлайман...
«Саўап исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеўи керек» деген еди елимиздиц Биринши Президенти И.Кәримов. Буны жақсы түсинген Нөкис қалалық медицина бирлеспеси емлеўханасының көп тармақлы поликлиникасы жәмәәтине Қайрат Қозықуловтың айтар алғыслары шексиз.
Дильнозя МАХАНБЕТОВА,
ҚМУ Журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти.
Дерек: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
13-сентябрь, 2018-жыл. №37 (8001)
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...