Саламат Авезов

| |

Мойнақда имканияты шекленген жаслар менен ушырасыў өткерилди

Сана: 19.09.2018  |  Муаллиф: KRuz.uz  |  Манба: KRuz.uz  |  Ўқилди: 1537Шарҳ 0

Имканияты шекленген жаслар ҳǝм балалар Республика орайының баслығы Р.Шодиева басшылығындағы бир топар орай ағзалары Мойнақ районында болды, деп хабар берди район ҳәкимлиги. Орай райондағы имканияты шекленген жасларға “Сиз өз ҳуқуқларыңызды билесизбе?” темасында ушырасыў ҳǝм семинар-тренинг өтти. Ушрасыўда актриса Р.Шодиева өзиниң өмир жолы ҳаққында ҳǝмде имканияты шекленген жасларымызға мǝмлекетимиз тǝрепинен кеңнен имканиятлар жаратылып берилгенин атап өтти.

Имканияты шекленген жаслар ҳǝм балалар Республика орайы тǝрепинен таярланған азық-аўқатлық затлар имканияты шекленген жасларға тапсырылды.

Мойнақ районы ҳǝкимлиги тǝрепинен жасларға қайыр-сақаўат дǝстурханы жайылды, сондай-ақ, жаслардың кеўиллерин көтериў мақсетинде музыка мектеби тǝрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Дерек: KRuz.uz - Qaraqalpaqstan jan'aliqlari

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top