Саламат Авезов

| |

МАЙЫПЛЫҒЫ БОЛҒАН БАЛАЛАР ИТИБАРДА

Сана: 21.09.2018  |  Муаллиф: KKNEWS.uz  |  Манба: KKNEWS.uz  |  Ўқилди: 1833Шарҳ 0

Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық кеңеси жанындағы имканияты шекленген жаслар ҳәм балалар орайының хызметкерлери үш күн даўамында республикамызда болып, майыплығы болған балалардың жасаў шараятлары менен жақыннан танысты.
Жаслар орайында Нөкис қаласында жасаўшы майыплығы болған 200 баланың қатнасында «Сиз өз ҳуқықыңызды билесиз бе?» темасында семинар-тренинг өткерилди.

Илажда Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық кеңеси жанындағы имканияты шекленген жаслар ҳәм балалар орайының директоры Рано Шодияева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде майыплығы болған шахсларды, соның ишинде, имканияты шекленген жаслар ҳәм балаларды социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Күнниң екинши ярымында орай хызметкерлери пайтахтымыздың ең шетки аймақларында жасап атырған майыплығы болған 15 баланың ҳал-жағдайларынан хабар алды.

Усы темадағы семинар-тренинг Мойнақ санаат-транспорт, Төрткүл банк колледжлеринде де болып өтти. Орай хызметкерлери еки район аймағында жасаўшы 20 майыплығы болған баланың жасаў шараятлары менен жақыннан танысты.

Еслетип өтемиз, илаж имканияты шекленгенлер қатламын, соның ишинде, майып, көзи әззи, еситиў қәбилети шекленген, сөйлей алмайтуғын жаслар менен балалардың мәплерин қорғаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға жәмийетте теңдей имканиятлар жаратып бериў, соның менен бирге, ҳуқықый, психологиялық-педагогикалық жәрдем көрсетиў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top