Саламат Авезов

| |

Қанлыкөлдеги «Көшпели қабыллаў»да адамларға жәрдем берилди

Сана: 26.09.2018  |  Муаллиф: KANEWS.uz  |  Манба: KANEWS.uz  |  Ўқилди: 1639Шарҳ 0

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик мәсләҳәтшисиниң орынбасары А.Усманов, Қарақалпақстан Республикасы «Халық қабыллаўханасы» баслығы Ҳ.Ҳалимов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кенеси баслығы орынбасары, Ҳаял-қызлар комитети баслығы З.Ибрагимовалар тәрепинен халықтың социаллық жағдайын жақсылаў ҳәм ушырасып атырған машқалалардың шешимин табыў мақсетинде 2018-жыл 18-сентябр күни Қанлыкөл районында «Көшпели қабыллаў»  шөлкемлестирилди.

«Көшпели қабыллаў»да халықтың социаллық турмыс жағдайы, орын алып атырған машқалалар бойынша физикалық ҳәм юридикалық шахслардан  жәми 25 түрли мазмундағы қабыл етилген мүрәжатларда билдирилген усыныслар тийкарында 9 пуқараға майыплар арбашалары, 3 ҳаял-қызға тигиў машинасы, 2 пуқараға медициналық дәри-дарманлар тапсырылды.

Сондай-ақ, 1989-жылы кассаға қойылған аманатын алыў, қызына алимент пулы өндириў, емлениўи ушын жоллама алыў, бәнтлик, билимлендириў ҳәм исбилерменликти баслаўы ушын кредит алыў, турар жайы хужжетлерин расмийлестириў, «Бир айна» орайында ислеген бир жыллық ис ҳақысын алыўында әмелий жәрдем бериў мәселелери бойынша мүрәжатларды шешиў бойынша бир қатар районлық мекемелер басшыларына тийисли тапсырмалар берилди.

«Көшпели қабыллаў»ға район аймағындағы мәмлекетлик мекеме, кәрханалар, басшы хызметкерлер менен жеке пуқаралар қатнасты.

Дерек: Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң жаңалықлар порталы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top