Сана: 27.09.2019 | Муаллиф: Саламат АВЕЗОВ | Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы | Ўқилди: 2365Шарҳ 0
Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық кеңеси жанындағы имканияты шекленген жаслар ҳәм балалар орайының хызметкерлери үш күн даўамында республикамызда болып, майыплығы болған балалардың жасаў шараятлары менен жақыннан танысты.
Жаслар орайында Нөкис қаласында жасаўшы майыплығы болған 200 баланың қатнасында «Сиз өз ҳуқықыңызды билесиз бе?» темасында семинар-тренинг өткерилди. Илажда Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық кеңеси жанындағы имканияты шекленген жаслар ҳәм балалар орайының директоры Раъно Шодиева балалар ҳәм жаслар менен жүзбе-жүз ушрасты. Имканияты шекленген жаслар ҳәм балалар орайының мақсети ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында видеоролик арқалы кең мағлыўматлар берилди.
Семинар-тренинг орай координаторлари Дилафруз Қўчқорова ҳәм Дилшод Нормуродовлар еки топарға бөлинген ҳалда интерактив тәризде өткизилди. Жаслар өз ҳуқықын билиўи ҳәм оны әмелде қолланыўы ҳаққында майыплығы болған шахсларды, соның ишинде, имканияты шекленген жаслар ҳәм балаларды социаллық ҳәм ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Жасларымыз қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
— Қарақалпақстанға биринши рет келиўим, ғәрезсиз Ўатанымыздың раўажланыўына өз үлесин өосып атырған имканияты шекленген жасларды көрип, оғада толқынландым, – дейди орай директоры Раъно Шодиева.
Көринислеринен жыллы, қәлбинде аналық меҳирин сездим, туўрысы бираз ҳаўлықтым. Тилимде нухсаным болғанлығы себепли. Лекин олар менен сәўбеклескеннен соң, меҳирин сездим.
Ең тийкарғысы, биз имканияты шекленген жаслар ҳәм балалар өмирге болған үмит ҳәм исенимди бирлестирип, олар хеш кимнен кем емеслигин түсиндириў, жәмийетимиздиң керекли күшине бағдарлаўымыз зәрүр.
Ҳәр бир инсанның қәлбинде келешекке болған исеними бар. Исеним менен айтаман, биз бүгиннен де ғайратлы ҳәм өмирге үмтылып жасаўды даўам етемиз.
Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық кеңеси жанындағы имканияты шекленген жаслар ҳәм балалар орайы уллы ислерге уқыплы, журтымыз раўажланыўы ушын күш-жигерлерин аямайтуған жаслар менен және де кеңейеди.
Саламат АВЕЗОВ,
Республика жаслар орайы
Қарақалпақстан бөлинмеси
“Жас репартёрлар” клубы ағзасы,
II-топар майыбы.
«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
27-сентябрь, 2018-жыл. №39 (8003)
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...