Сана: 01.10.2018 | Муаллиф: KANEWS.uz | Манба: KANES.UZ | Ўқилди: 925Шарҳ 0
Шоманай районы ҳәкимлиги мәмлимлеме хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, район ҳәкими 1-сектор баслығы Б.Янгибаев Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен «Моншақлы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын биринши топар майыбы Каримбай Алимбетовтың ҳалынан хабар алып, оған Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам саўғасын (1 миллион сум) ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен майыплық арбашасын тапсырды.
Пуқара К.Алимбетов Президентимизге өз миннетдаршылығын билдирип, елимиздиң тыныш болыўы, халқымыздың абаданшылығы ушын дуўа қылды.
Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен Шоманай районында кем тәмийинленген ҳәм мүтәж шаңарақларға, жәми 350 млн сумлық Президент саўғасы, қайыр-сақаўат ҳәм жәрдем фондынан 550, АПЖ ҳәм МПЖлар тәрепинен 150, районлық кәсиплик аўқамлары тәрепинен 87 пуқараға азық-аўқат өнимлери тарқатылды.
Бул саўғалар ҳәм өнимлер сектор басшылары ҳәм жумысшы топарлар тәрепинен пуқаралардың үйлерине апарып берилди.
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...