Сана: 04.02.2019 | Муаллиф: Бектурсинов.Ө | Манба: Karsu.uz | Ўқилди: 1991Шарҳ 0
Усы жылдың 2-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети Химия-технология факультети технологиялық машиналар ҳәм үскенелери 2-курс студентлери «Ҳәр ким ҳәр күни саўап ислеўи керек» ураны астында Қарақалпақстан Республикасы ХБМ қараслы 4-санлы гереӊ ҳəм шала еситиўши балалар ушын қәнигелестирилген мектеп интернатына барып, олардың ҳал жағдайларынан хабар алды. Дәслеп студент жаслар жыйналған оқыўшыларға өзлерин таныстырып, Университет тарыйхы ҳәм өзлери оқып атырған тəлим бағдары хаққында кеңнен түсиниклер берди.
Бул илəж қызғын сораў – жуўапларға бай болып, студентлер тəрепинен мектеп оқыўшы жасларына оқыў қураллары саўға етип берилди. Соңынан мектептиӊ бир қанша муғаллимлери келген студентлерге өзлериниң жыллы тилеклерин билдирди хəм көп-көп рахметлер айтты.
Бектурсинов.Ө,
Химия-технология факультети студенти.
Дерек: Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик
университети Рәсмий веб-сайты
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...