Саламат Авезов

| |

Тохтап қалыў жоқ!

Сана: 17.06.2019  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Манба: Yoshlar ovozi  |  Ўқилди: 2940Шарҳ 0

Жаслар айлығы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында түрли бағдарларда көплеб жойбарлар әмелге асырылмақта. Елликқала райынында үш жас шаңарақларға жаңа хананың гилитлери салтанатлы түрде тапсырылды. Илажда район ҳәкими Сейдамат Авезов қатнасты. ‒ Мәмлекетимиз тәрепинен көрсетилип атырған итибарынан миннетдармыз, ‒ дейди “Жаслар үйи”не көшип өткен Элдор Кожанов. ‒ Жаңа ханаданда өмиримиз және де татлы ҳәм параўан өтиўине исенемен. Бундай орталықты өскен перзентлеримиз жүрт мәпине садық инсанлар болады, әлбетте.

Елликқалада тигиўшилик цехи ҳәм иске түсти. Оны “Ellikqal’a teks” жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Шароф Хўжаев ашты. Жас исбилермен цех бинасыны қурылыш ҳәм зәрүр ускенелер сатып алыў ушын “Жаслар ‒ келешегимиз” қоры көмегинде селкем 800 миллион сўм мықдарында кредик алды. Жаңа карханада 60 жақын ҳаял жумыс менен тәмийинленген.

Өзбекистан Қаҳарманы, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтиң дөретиўшилик мийрасыны үйрениў ҳәмде жаслар арасында китапқумарлықты кең үгитлеў мақсетинде Аўқамның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси “Аязий” интеллектуаль таңлаўы өткерилди.

Жойбарға 1 мың 300 жақын жигит-қызлар қамрап алынды. Жуўмақлаўшы басқышында 32 жақын бимлимдан өзара беллишди.

14-19 жас аралығында 1-орынды Шымбайлы Гулчеҳра Айтмуратова, 20-30 жас аралығында болса Нөкис районы ўәкили Улпери Айтназарова ийеледи. Жеңилпазлар диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

“Жаслар айлығы” шеңберинде кем тәменленген теңлеслеримизге соцаллық жәрдем көрсетилермекте. Мәселен, Аўқамның Қоңырат районы Кеңеси Алтынкөл қаласында жасаўшы соцаллық жәрдемине мүтәж шаңарақ ўәкили Озода Атажанова ҳәмде “Азатлық” мәҳәлле пуқаралар жийининда жасап атырған Қоңырат медицина коллежи оқыўшысы, I-топар майыбы Озода Азатоваға замангөй тигиў машиналарыны саўға қылды. Енди бул қыз кесенешилик менен шуғылланып, дарамат тапыўы мүмкин.

Мәмлекетимиз бойлап “Эзгулик албатта қайтади” акциясы да даўам етпекте. Онда 22 жақын Шоманайлы теңлесимиз ‒ Аўқамның басланғыш шөлкем жетикшилери ҳәм басқа кеўилли жпслар қатнасып, райын медицина бирлеспесине қараслы емлеўханасында даўаланып атырған балалар саламатлығы ушын қан тапшырылды.

Өзбек тилинен:
Саламат Авезов.

Дерек: Yoshlar ovozi

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top