Саламат Авезов

| |

Институтымыз студенти Әбдибек Уснатдинов Қазақстанның Шымкент қаласында өткерилген жарыста гүмис медаль жеңимпазы болды

Сана: 17.06.2019  |  Муаллиф: Исламбек Калмуратов  |  Манба: NDPI.uz  |  Ўқилди: 854Шарҳ 0

Соңғы ўақытлары Қазақстан Республикасы ескек есиў спортын раўажландырыў, ескекшилериниң халық аралық тәжирийбесин арттырыў мақсетинде мәмлекет чемпионатлары менен кубок жарысларын ашық түрде өткерип, қәлеўши мәмлекетлердиң спортшыларының қатнасыўын тәмийинлемекте. Усындай итибарлы жарыслардың бири байдарка ҳәм каноэде ескек есиў бойынша Қазақстанның ашық кубогине июнь айының 10-сәнеси күни Шымкент ўәлаятында старт берилди. Кубоктиң парканоэ жөнелиси бойынша жарысқа түскен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Дене мәденияты факультетиниң 1-курс студенти Әбдибек Уснатдинов бес мәмлекет қатнасында өткерилген беллесиўдиң гүмис медалын қолға киргизип, елимиздеги ескек есиў спорты ышқыпазларын үлкен қуўанышқа бөледи.

Спортшының тренери Өтебай Үсеновты сөзге тартқанымызда:

‒ Егер тийисли шөлкемлер тәрепинен өз ўақтында итибар қаратылып, жәрдем қолларын созғанда, Әбдибектиң алтын медальды жеңип алыў имканияты бар еди. Усындай итибарсызлық нәтийжесинде Жәҳән кубоги жолламысын да қолға киргизе алмай қалған едик. Оның үстине жас өспиримлеримиз Өзбекстанның жеке чемпионатына да қатнаса алмады.

Ҳақыйқатын айтқанда, спорт тараўында төрт жыл даўам ететуғын Олимпия ҳәрекетин түсинетуғын қәнигениң өзи қалмаған есабы. Дана бабаларымыздың «Ас ишерде…» дегениндей, бизиң қәнигелеримиз, көз боямашылыққа салып, еки-үш ай қалғанда ғана қозғалады, ол да жоқарыдан қамшы тийгенде. Бизде 2020-жылғы Олимпиада ойынларына спортшыларымызды қатнастырыў имканияты бар еди, Әжинияз бабамыздың «Туғырда байланған алғыр баз едим, Қәлпе-саядларым маман болмады» дегениндей, Қарақалпақстан Республикасында Олимпия ҳәрекетиниң үстиртин алып барылыўы нәтийжесинде, ол үмитлеримизде сөнип бармақта, ‒ дейди күйинип.

Расын айтқанда, биз спортшыларымыздың халық аралық майданлардағы қолға киргизип атырған табысларын көз-көз етип мақтаныш еткенимиз бенен, Олимпиада ойынларында ышқыпазлық ете алмағанымызға қапа болар едик.

Байдарка ҳәм каноэде ескек есиў бойынша республикамыздың аға тренери Ө.Үсеновтың сөзинен кейин ғана олардың машқалаларының ушлығын ғана уға басладық. Тийисли қәнигелер усы пикирлерден жуўмақ шығарып, дана халқымыздың «Ҳештен кеш» дегениндей, ендиги жағында ҳәрекетти баслағанында да, бәлким, Әбдибек қусаған азаматларымызға Олимпиада ойынларында тилеклес болып отырар ма едик?!

Исламбек Калмуратов,
Әжинияз атындағы НМПИ, Дене мәденияты факультетиниң студенти.

Дерек: ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top