Саламат Авезов

| |

КЕМ-КЕЎИЛЛЕРГЕ МЕҲИР-МИРИЎБЕТ

Сана: 20.06.2019  |  Муаллиф: Шоманай районы ҳәкимлиги  |  Манба: Shomanay.rk.uz  |  Ўқилди: 1959Шарҳ 0

Шоманай районлық 1-санлы мектептиң оқытыўшылары оқыў жылының жуўмақланыўы менен районлық ХББне қараслы 1-санлы мектепте үй шараятында билим алып атырған оқыўшылар Жасурбек Муратбаев, Шавкат Кеңесбаев ҳәм Жасурбек Даўлетбаевлардың шаңарақларына барып, жағдайларынан хабар алып байрам менен қутлықлады. Олар барлық пәнлерден айрықша оқыў менен бир қатарда сүўрет салыў бойынша ҳәмде спорттың шахмат-шашка түринен бирнеше таңлаў-жарысларға қатнасып сыйлы орынларды ийелеп жеңимпаз болды.

Мектептиң үй шараятында билим алыўшы оқыўшыларына концерт бағдарламасын қойып берген ҳәўескерлер дөгерегине қатнасыўшы теңлеслери олар менен биргеликте қосық айтып, аяқ ойынлар ойнап, шаңарақларда байрамды кеўилли түрде өткерди.

Оқыў жылын айрықша жуўмақлаған бул оқыўшылар мектеп директоры тәрепинен байрам саўғалары менен сыйлықланды.

Дерек: Шоманай районы ҳәкимлиги

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top