Саламат Авезов

| |

Майыплығы бар перзентли аналар ушын

Сана: 21.06.2019  |  Муаллиф: С.АЛЛАМБЕРГЕНОВ  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 2785Шарҳ 0

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 18-марттағы 229-санлы қарары тийкарында мийнет стажына ийе болмаған, балалықтан майыплығы болған перзенти бар аналарға олар 55 жасқа толғанында Медициналық-мәсләҳәт комиссиясының жуўмағы ямаса мағлыўматнамасы бойынша социаллық напақа тайынланады. Нызамшылыққа муўапық, 1 ҳәм 2-топар майыпларына, жасқа тийисли ямаса бағыўшысын жоғалтқанлық напақасы тайынланған напақа алыўшыларға, егер олар ис ҳақы төленетуғын исти орынлаўы ямаса дәраматтың басқа дерегине ийе болыўы мүнәсибети менен напақа төлеў тоқтатылатуғын еди.

Қарар менен бул тәртип бийкар етилди, яғный, напақа алыўшы басқа дәрамат келтиретуғын ис пенен шуғылланыўы ямаса шуғылланбаўына қарамастан напақа төлеў даўам еттирилетуғынлығы белгилеп берилди.

Усы қарарға бола бюджеттен тысқары Пенсия қоры Хожели районлық бөлими бойынша ис стажына ийе болмаған, балалықтан майыплығы болған перзенти бар жәми 9 пуқара бөлимимизге мүрәжат етти. Оларға напақа пуллары усы жылдың апрель айынан баслап 243300 сум муғдарында ҳәм ең кем ис ҳақының l0 проценти муғдарында нанға компенсация пуллары төлеп берилмекте. Мысал ретинде, 55 жастан өткен, бирақ, ис стажына ийе болмаған, балалықтан майып перзенти бар Хожели районы «Тутзар» МПЖ турғыны Камаш Жумашоваға усы қарар тийкарында 20l9-жыл 20-март сәнесинен пуқараның арзасы қабылланып, напақа ҳәм нан компенсация пуллары таярлап берилди.

С.АЛЛАМБЕРГЕНОВ,
Бюджеттен тысқары Пенсия қоры Хожели районы бөлим баслығының орынбасары.

Дерек: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top