Саламат Авезов

| |

Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларында майыплығы болған шахслар ушын грант тийкарында неше орын ажыратылды? (дизим)

Сана: 10.07.2019  |  Муаллиф: Ислам Матеков  |  Манба: KarInform.uz  |  Ўқилди: 2056Шарҳ 0

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң 2019-жыл 4-июльдағы 1-санлы протоколы тийкарында 2019-2020-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына абитуриентлерди қабыллаўдың улыўмалық санына салыстырғанда майыплығы болған шахслар ушын қосымша 2 процентлик мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлериниң жоқары оқыў орынлары ҳәм билимлендириў формалары кесиминдеги бөлистирилиўи тастыйықланды.

Хош, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларында майыплығы болған шахслардың грант тийкарында оқыўы ушын неше орын ажыратылған?

1) Қарақалпақ мәмлекетлик университети
- күндизги – 59 орын;
- сыртқы – 7 орын;
- кешки – 2 орын.

2) Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты
- күндизги – 37 орын;
- сыртқы – 16 орын;

3) Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы
- күндизги – 7 орын;
- сыртқы – 2 орын.

4) Самарқанд ветеринариялық медицина институты Нөкис филиалы
- күндизги – 2 орын.

5) Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалы
- күндизги – 6 орын.

6) Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы
- күндизги – 2 орын.

7) Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы
- күндизги – 2 орын;
- сыртқы – 1 орын.

8) Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы
- күндизги – 4 орын;
- сыртқы – 1 орын.

9) Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы
- күндизги – 1 орын.

Ислам Матеков.

Дерек: KarInform.uz – Информациялық-аналитикалық сайт

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top