Саламат Авезов

| |

Хожелиде 30 шаңарақ үй-жай менен тәмийинленди

Сана: 10.07.2019  |  Муаллиф: ZAMAN.uz  |  Манба: ZAMAN.uz  |  Ўқилди: 1968Шарҳ 0

Бүгин Хожели районы «Жан-Коңырат» МПЖ аймағында 30 шаңарақ уй-жай менен тәмийинленди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-2021-жылларда аўыллық жерлерде жаңа үлгили жойбарлар тийкарында арзан үй-жайлар салыў бағдарламасы ҳақкында» ПҚ-2639-санлы қарары талаплары орынлаў мақсетинде, Хожели Районы «Жан-Коңырат» МПЖ аймағында баслаңғыш төлеми мәмлекет тәрепинен төлеп қурылган турақ жайлардың ашылыў мәресими болып өтти.

Илажди район ҳәкими Ж.Ермашев ашып берди. Илажға Қарақалпақстан Республикасы ҳаял-қызлар комитети баслығы З.Ибрагимова, Хожели районы ҳәким орынбасары ҳаял-қызлар комитети баслығы С.Дурсимбетова ҳәм басқа да мийманлар қатнасты.

Районда үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж, бир үйде көпшилик болып жасайтуғын шаңарақлар, перзентлерин кем тәмийинленген шаңарақларда тәрбиялап атырған, соның менен бирге, шаңарағында майыплығы болған, майыплыққа алып келиўши кеселликке шалынған, бағыўшысын жойытқан ҳәм бақада 30 шаңарақ баслаңғыш төлеми мәмлекет тәрепинен төлеп берилген үй-жай менен тәмийинленди.

Жаратылып атырған бундай шараятлардан хажы ана Наргүл Тәжимуратова Президентимизге, район ҳәкимине ҳәм ҳаял-қызлар комитетине өзиниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.

Дерек: ZAMAN.uz – Информациялық портал

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top