Саламат Авезов

| |

MEHRTILSIMI.uz – «Меҳр тилсими» – социаллық жаңалықлар сайты 1 жаста

Сана: 12.07.2019  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Манба: MEHRTILSIMI.uz  |  Ўқилди: 2232Шарҳ 0

1 жыл алдын, анықрағы 2018 жыл 12 июль күни MEHRTILSIMI.uz – «Меҳр тилсими»  социаллық жаңалықлар сайты. «SA.KR.UZ» Саламат Авезов жекке веб-сайты басламасы менен майыплығы болған шахслардың сай-ҳәрекетлерин бирлестириў зәрүрлигин ҳәмде социяллық келип шығыўы, аҳўалына қарамастан олар жәмийет көлеминде, қайсының тең ҳуқықлы ағзалары парўалышқа мүтәж шахсларда есапланады, Қарақалпақстан Республикасы аймақлық MEHRTILSIMI.uz – социаллық жаңалықлар сайтыны иске түсирген едик.

Өткен дәўир ишинде сайт арқалы қатар майыплығы болған шахслар ҳәм социаллық жаңалықлар, район хабарлар, баспасөз газеталарында шыққан социаллық мақалалар берип барыўға ҳәрекет қылдым. Әлбетте, қылынбаған жумысларда көп.

Бүгин өзимниң имканияты шекленген шахслығымға қарамастан MEHRTILSIMI.uz сайтын сөзлер екенмен, ең алдын усы сайттың жаралыўы тарийхы ҳаққында еки аўыз сөз айтып өтпесем болмас.

Ҳәр бир майыплығы болған жаслар ҳәм балажанлардың руўхый камолатина ерисиў ҳәм келешек ушын тамал тасыны қойыўына бас принциплериниң бири есапланады.

2003 жылдан бери «SA.KR.UZ» Саламат Авезов Жекке веб-сайты өз жумысыны даўам еттирилип киятыр. Жекке веб-сайтыма 16 жыл болды. Бәрше социаллық тармақларда өз бетине ийе.

2016 жылы Социаллық жаңалықлар, Майып ҳуқықы (Сораў ҳәм Жуўаплар), 2017 жыл Меҳир қолларымызды созайық, “ДМС – Дослар менен сырласамыз” топары, Имканияты шекленген қолы гүл инсанлар, Қарақалпақстан Республикасындағы жеке жәрдемге мүтәж инсанлар ушын ҳәрекетленип атырған мәкеме ҳәм шөлкемлер рубкалары тек ғана майып инсанлардың жетискенликлери ҳәм бүгинги күнге дейин ерисилген табыслары жәмленген.

«Меҳр тилсими» – Cоциаллық жаңалықлар сайты, социаллық тараўдағы алып барып атырған процесслериниң аймақлық яғный Қарақалпақстан Республикасы базасыны жаратыў идеясы пайда болды. 2014 жыл Өзбекистан Майыплар жәмийети Кәсиплик аўқамы тәрепинен “IMKONIYAT.UZ” атлы сайт ашылды. Ҳәр күни интернетке кирген пайтымда усы сайтқа кирип ҳәўес қылардым.

Қәни еди Қарақалпақстан Республикасында майыплығы болған жаслар ҳәм балажанлар ушын сайт болса еди деп арман қылардым. Өткен 2018 жылдың 27 июль күни Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Жаслар орайы бинасында MEHRTILSIMI.uz – «Меҳр тилсими» Cоциаллық жаңалықлар сайтымның ашылыў мәресими болып өтти. Арманыма аз да болса да еристим.

Өткен 1 жыл даўамында сайтым арқалы жәмийетке, оқыўшыларға пайдасы тийгенинен мақалалар берип барыўға ҳәрекет еттим.

Сайт статистикаларына итибар беретуғын болсақ, ҳәзирде сайтыма жәми 147 хабар ҳәм мақалалар киритилген болып  12 беттен ибарат.

Сондай-ақ, хабарларға оқыўшылар тәрепинен жәми 8 пикир (comment) қалдырылған.

Жетисиўлер:

1. 26-ноябрь, 2018-жыл "Қарақалпақстан" телерадиоканалы "Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан"

2. 27-сентябрь, 2018-жыл Өзбекистан Республикасы “Менинг юртим” Марказий студия Сарвар Баҳодиров, Журналист Муаттар Муродова

3. 21-сентябрь, 2018-жыл Өзбекистан Республикасы “Менинг юртим” Марказий студия Сарвар Баҳодиров, Алимхон Умаров, Журналист Муаттар Муродова

4. «Қарақалпақстан жаслары» газетасы 9-август, 2018-жыл. №32 (7996) ЖАҢАЛЫҚ ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДАҒЫ БИРИНШИ САЙТ Шухрат САИДАХМАДОВ

5. 21-июль, 2018-жыл "Қарақалпақстан" телерадиоканалы "Жас бағдарламашылар исленбелери" Турсинай Муҳиятдинова

Мақтаныш пенен жазыўым керек Имканияты шекленген қолы гүл инсанлар рубрика ағзалары Жас өнермент Барно Нарзуллаева Жиззах ўәлаяты, Ғаллеарал районынан «Жаслар аўқамы – 2018» сыйлығы “Жылдың ең жақсы өнерменти” бағдары ийеси, Мухаммад Асадов Наўайы ўәлаяты, Хатирчи районынан, Наўайы мәмлекетлик педагогика институты студенти жас шайыр. Өзбекистан Республикасы Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген “Көзи әззилер” арасында өткизилген китап оқыў ҳәм тез оқыў жарысында сыйлы II-орын менен сыйлықланды.

“Егер сайтым арқалы бир киши пайдалы мағлыўмат алған болса, демек мен туўры бағдарындаман ҳәм мийнетлерим бийкар кетпеген”. Майыплар ҳуқықы бойынша пайдаланыўшылар сайтым мағлыўматлар алып, өзлери қызықтырылған көплеп сораўлар менен мүрәжеет қылады.

Тийкарынан майыплығы бар перзентли ата-аналар майыплық ҳуқықы бойынша мүрәжеет Telegram социаллық тармағы арқалы көплеп сораўлар менен мүрәжеет қылады. Оилавий газета «Бекажон» № 82 (1817) 12.10.2018 Холида Шодиева «Қоқилсам ҳам йўлимда давом этдим» берген интервьюмда.

Майыплар ҳуқықы бойынша пайдаланыўшылар сайтым арқалы мағлыўматлар алып, өзлери қызықтырылған көплеп сораўлар менен мүрәжеет қылады. Қәни еди имканиятым болғанында бәршелерине жуўап бералсам еди, деп ойлап қаламан. Қәни еди келешекте майыплық ҳуқықы бойынша интерактив сайт ҳәм мобиль бағдарламасыны жаратсам. Туўры, майыплық ҳуқықы бойынша мағлыўматлар көп, лекин ҳәр бири ҳар қыйлы сайтларда. Соллардың ҳәммеси жийнап, бир база қылсақ, балалар ҳәм жаслар, олардың ата-аналары ушын да қолайлықлар жаратылады. Себеби, айрым имканияты шекленген жаслар өз ҳуқықларыны билмейди.

Бир сөз пенен айтқанда, майыплығы болған шахлар ушын әмелге асырылатуғын келешекте жойбарлар көп. Бир жыллық есабатымыз усы. Налымаймыз әлбетте, барына шүкир қыламыз.

Ҳәм ең тийкары Сиз әзизлердиң майыплығы болған шахсларға расгөй меҳриңиз ҳәм итибарыңыз ушын миннетдаршылық билдиремен! MEHRTILSIMI.uz сайты сизлер ушын хызмет қылады.

Рахмет!

Саламат Авезов,
Балалығынан II-топар майыбы,
MEHRTILSIMI.uz «Меҳр тилсими» ‒ Социаллық жаңалықлар сайты бас редакторы.

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top