Саламат Авезов

| |

ИМКАНИЯТЫ ШЕКЛЕНГЕНЛЕРГЕ ҲУҚЫҚЫЙ САЎАТҚАНЛЫҚ

Сана: 22-август, 2019-жыл. №34 (8050)  |  Муаллиф: Наргиза НУРИЕВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 2742Шарҳ 0

Халқымыздың бар тәшўиши менен күйип-жанып жасайтуғын инсанлар арамызда көплеп табылады. Имканияты шекленген болыўына қарамастан өзинде күш-жигер топлап, бар билимин, жүрегиндеги жасаўға деген умтылысын сөндирместен, қатар-қурбыларынан арқада қалмаў ушын тынбастан изленип атырған жасларымыз жәмийетте өз орынларын таўып үлгерген. Газетамыздың көп жыллардан берли турақлы ықласбенти, илимге қуштар, жаңа технологиялар әсириниң жетик маманы, бир қатар технологиялық жойбарлардың авторы, бир неше инновациялық идеялары менен көпшиликке таныс болған жас программалаўшы Саламат Авезов бүгинги дәўир нәпеси менен тең қәдем атыр атырған жасларымыздан саналады. Оның усы күнге шекемги ериске табыслары мол. Кишенелигинен компьютер технологияларына айрықша қызығыўшылық пенен қарап, оның барлық сырларын тереңирек үйренип барған ол, бүгинги күнде де өз изленислерин тоқтатпаған.

Жақында оның MEHRTILSIMI.uz социаллық-жаңалықлар сайты ҳәмде «SA.KR.UZ» жеке сайтының шөлкемлестириўи менен майылығы болған инсанлар ушын «Disability Rights» имканияты шекленгенлер ҳуқықы арнаўлы топламының социаллық Telegram тармағында канал жаратылды. Бундағы мақсет жәмийетимиздеги имканияты шекленген инсанлардың ҳуқықый саўатын арттырыў, ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, басқа барлық пуқаралар менен тең ҳуқықлылығын, сондай-ақ, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда өз жәрдемин бериўден ибарат.

Топлам тийкарынан имканияты шекленген инсанлар ҳәм ата-аналарға арналған болып, оның мақсети – нызамшылықтағы 1991-2019-жыллыр аралығындағы қарар ҳәм пәрманлар топламы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрликлериниң телеграмм каналларында жарық көрген сораў-жуўаплар ҳәм ҳуқықый мағлыўматларды жеткериўден ибарат. Соны да атап өтиў орынлы, егер кимде-ким өзин қызықтырылған сораўлар болса @nogironhuquqibot тармағы арқалы жоллаўына болады. Биз Саламат Авезов пенен бул баслаған нәўбеттеги қайырлы исиниң мазмун-әҳмийети оның актуаллығы бойынша сәўбетлескенимизде келешекте және қандай мақсетлерди гөзлеп атырғанлығына қызықсындық.

‒ Бул дүньяда жақтылық ушқынын излеп жүрген бир инсанман, турмыстың берген сыйлықларының барлығын үмит аталған шынжыр арқалы байлаўға умтыламан. Сол үмит мени бәрше қыйыншылықларды жеңип өтиўге күш береди. Өзиме уқсаған имканияты шекленген инсанлар өзлериниң ҳуқықлары бойынша сайтымызға жүдә көплеп сораўлар жоллайды. Сондай ўақытларда қәне енди имканият болып, барлығының сораўларына жуўап қайтара алсам деп ойланатуғын едим. Бундай инсанлардың ҳуқықлары бойынша мағлыўматлар көп, бирақ, ҳәр қайсысы ҳәр түрли сайтларда. Усылардың ҳәммесин бир жерге жыйнап, база жаратыў нийетимди әмелге асырдым. Бул исим арқалы кеўли кемтик инсанлардың азғана болса да кеўиллерин толтырыў нийетиндемен, – дейди ол.

Бизде Саламаттың нийетлери жолдас болыўын тилеймиз ҳәм буннан да жоқары табысларға ерисиўине исенемиз.

Наргиза НУРИЕВА.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
22-август, 2019-жыл. №34 (8050)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top