Саламат Авезов

| |

Нөкисте жаңа турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылды

Сана: 05.09.2019  |  Муаллиф: Makan.uz  |  Манба: Makan.uz  |  Ўқилди: 2314Шарҳ 0

Нөкис қаласындағы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйынында мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы алдынан 5 қабатлы 450 квартиралы 10 турақ жай пайдаланыўға тапсырылды.
– Бул турақ жайдан 6 квартира аўыр социаллық жағдайға түсип қалған, майыплығы болған, кем тәмийинленген ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж 6 ҳаялға берилди, – дейди Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Гулсара Абибуллаева.

– Бул турақ жайлардың басланғыш төлемлери Ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен төлеп берилди.

Өткен жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша аўыр социаллық жағдайға түсип қалған, соның ишинде, майыплығы болған, бағыўшысын жоғалтқан, перзентлерин толық емес шаңарақта тәрбиялап атырған турақ жайға мүтәж 145 ҳаялға турақ жай берилген.

Солай етип, 450 шаңарақ ғәрезсизлигимиз байрамын жаңа турақ жайларда белгиледи.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Дерек: Makan.uz – Мәмлекетимиздеги жаңалықлар порталы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top