Саламат Авезов

| |

ҲЕШ КИМ МЕҲИР-ИТИБАРДАН ШЕТГЕ ҚАЛМАЙДЫ

Сана: 05.09.2019  |  Муаллиф: Қаржаўбай УТЕГЕНОВ  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1269Шарҳ 0

Елимизде демократиялық реформаларды және де теренлестириў процесслеринде жаслардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў, жоқары мәнаўиятлы, бийғәрез ҳәм еркин пикирлейтуғын ҳәр тәреплеме бәркамал әўладты камалға келтириўге қаратылған жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты избе-из әмелге асырыўға айрықша итибар берип келинбекте. Өзбекстан Қорғаныўға көмеклесиўши "Ватанпарвар" шөлкеми Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен жас шаңараклар, имканияты шекленген ҳәм социаллык қорғаўға мүтәж жасларды руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетннде аймақлардағы майыплығы болған ҳәм кем тәмийинленген жаслардың статистикалық мағлыўматлары алынып, оларға мәнзилли жәрдем көрсетиў жумыслары әмелге асырылмақта.

Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы алдынан шөлкемниң Қарақалпакстан Кеңеси Өзбекстан майыплар жәмийети менен биргеликте республикамыз аймағындағы жас шаңарақлар, имканияты шекленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж жасларды руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде майыплығы болған жаслар тәрепинен таярланған тағамлар көргизбеси шөлкемлестирилди. Илажда Өзбекстан Қорғаныўға көмеклесиўши "Ватанпарвар" шөлкеми Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.Шамуратов, Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министриниң биринши орынбасары А.Атажанов, усы министрликтиң бөлим баслығы З.Хожахметов, Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийетиниң баслығы П.Дәўлетиярова ҳәм баскалар катнасып, жыйналғанларды ең уллы, ең әзиз байрамымыз болған Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы менен қутлықлап, елимизде имканияты шекленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж инсанларға көрсетилип атырған ғамқорлықлар жөнинде айтып өтти.

Көргизбе соңында "Ҳеш ким меҳир-итибардан шетте қалмасын!" сүрени астында илажда белсене қатнасқан жас шаңарақлар, социаллык қорғаўға мүтәж ҳәм имканияты шекленген жасларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланғаи арнаўлы дипломлар ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Илаж көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы қызықлы концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Қаржаўбай УТЕГЕНОВ,
Өзбекстан Қорғаныўға көмеклесиўши "Ватанпарвар"
шөлкеми Нөкис қалалық оқыў-спорт техника
клубы баслығының орынбасары.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
5-сентябрь, 2019-жыл №36 (8052)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top