Саламат Авезов

| |

«ИМКАНИЯТЫМ ШЕКЛЕНДИ» ДЕМЕЙДИ

Сана: 24.10.2019  |  Муаллиф: Шахноза БАЗАРБАЕВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 677Шарҳ 0

Жақында Жаслар орайында Саламат Авезов пенен ушырасыў болып өтти. Оған жас репортёрлар қатнасты. Саламат Авезовты көтшилик жақсы таныйды. Ол 1983-жылы Нөкис қаласында туўылған. Мухаммед Аль Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологаялары университетиниң Нөкис филиалын тамамлаған.

Бүгинги күни усы жерде жумыс ислеп атыр. Ол «Меҳир тилсими» атлы 16 сайтты жолға қойған инсан. Саламат ҳаққында аңсат ғана айтып атырмыз. Деген менен, биринши көрген адам оның имканиятлы шекленгенлигин байқап, аяўшылық сезимлери оянады. Жүрис-турысы менен сөйлесиўинде соншелли қыйыншылық балса да оның қолынан көп ислер келиўине сирә исенбейсең. Ол интернет әлемин жаўлап алған инсан. «Имканиятым шекленген» ‒ деп үйинде отырыўды ҳеш қашан өзине еп көрмеген Саламат бәрқулла излениўде. Гейде он еки мүшеси саў жигитлердиң тәртипсизлик ислегенлигин көрип ҳайран боласаң. Бул ушырасыў басқа ушырасыўлардан жүдә ажыралып турады. Мениң ушын да қәлбимде өзгеше сезимлер оятты. Себеби, ҳәмме нәрсеге инсан өз мийнети арқалы ерисиў мүмкиншилигин Саламат дәлиллеп тургандай еди.

Бул дүньяда түрли инсанлар бар. Олардың өмир жолы да, алға қойған мақсетлери де ҳәр қыйлы. Солай да болса, ҳәммениң мақсети ‒ елимиздиң раўажланыўына үлес қосыў. Өз ислери менен ҳәр тараўдың раўажланыўына үлес қосыў менен бирге сол арқалы шаңарағын тәмийинлейди. Саламат Авезовтың жумысларына әўмет, өзине денсаўлық тилеймиз. Усы кишкене ушырасыў бизлердиң қәлбимизден үлкен орын ийеледи.

Шахноза БАЗАРБАЕВА,
Нөкис қаласы 31-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик
улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
24-октябрь, 2019-жыл. №43 (8059)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top