Саламат Авезов

| |

Өзбекстан Республикасы әдиллик министри орынбасарының нәўбеттеги көшпели ҳәм жеке қабыллаўы

Сана: 11.12.2019  |  Муаллиф: KRuz.uz  |  Манба: KRuz.uz  |  Ўқилди: 1556Шарҳ 0

Усы жылдың 9-декабрь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары-Интеллектуаллық мүлк агентлиги директоры Абдусаттаров Тулқин Сайфуллаевич тәрепинен қабыллаўлар шөлкемлестирилди.Қабыллаўда пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң 19 мүрәжати қабыл етилип,онда жер кредит, пенсия сондай-ақ, социаллық мәселелер, яғный емлениў ушын жоллама бериў, майыплығын белгилеў сыяқлы мәселелер көрсетилген. Қабыл етилген мүрәжатлердиң көпшилиги усы күнниң өзинде унамлы шешилди.

Атап өтетуғын болсақ, пуқара В.Шалимованың емлениўи ушын жоллама сораған Х.Ахмеджанованың майыплық арбасы ушын жоллама сораған мүрәжатлери қанаатландырылып, жоллама ҳәм майыплық арбасы тапсырылды.

Министр орынбасары тәрепинен қабылланған мүрәжатлердиң барлығының орынлаўы қадагалаўға алынды.

Дерек: KRuz.uz – Қарақалпақстан Жаңалықлары сайты

 

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top