Саламат Авезов

| |

«Хошамет»ке кимлер мүнәсип деп табылды? (толық дизим)

Сана: 23.12.2019  |  Муаллиф: Ислам Матеков  |  Манба: KKNEWS.uz  |  Ўқилди: 2383Шарҳ 0

23-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси басламасы менен «Хошамет – 2019» сыйлықлаў салтанаты болып өтти.

– «Жылдың ең белсенди жаслар устазы» – «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бас редакторы Г.Аннақличева.

– «Жылдың ең белсенди ҳәкими» – Нөкис қаласы ҳәкими ў.ў.а. П.Төрешев.

– «Жылдың ең белсенди жаслар мәселелери бойынша ҳәким орынбасары» – Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары Қ.Бекимбетов.

– «Жылдың ең белсенди Жаслар аўқамы бирге ислесиўши шөлкеми» – ҚР Мәденият министрлиги.

– «Жыл ең белсенди Жаслар аўқамының қалалық, районлық Кеңеси» – Өзбекстан жаслар аўқамы Беруний районлық Кеңеси.

– «Жылдың ең белсенди район, қала Сәрдарлар Кеңеси» – Қараөзек районлық Сәрдарлар Кеңеси.

– «Жылдың ең белсенди жас художниги» – Б.Серекеев.

– «Жылдың ең белсенди журналисти» – «Ўзбекистон 24» телеканалының хабаршысы Д.Абдуллаева.

– «Жылдың ең белсенди жаслар жетекшиси» – 18-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби жетекшиси Қ.Ешматова.

– «Жасларды тәрбиялаўдағы белсендилиги ушын» – НМПИ жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров.

– «Жаслар – келешегимиз» бағдарламасы тийкарында ең көп жумыс орнын жаратқан жас исбилермен» – Ш.Ходжаев.

– «Жылдың ең белсенди қосықшысы» – А.Асқаров.

– «Қәбилетли жасларды тәрбиялаўдағы белсендилиги ушын» – З.Пирлепесова.

– «Жылдың ең белсенди жас медицина хызметкери» – А.Жолмырзаев.

– «Жылдың ең жақсы веб-сайты» – «Mehrtilsimi.uz» сайты Саламат Авезов.

– «Жылдың ең белсенди мектеп Сәрдарлар Кеңеси» – Тақыятас районындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдарлар Кеңеси.

– «Жылдың ең белсенди «Камалак» балалар шөлкеми» – Қоңырат районлық «Камалак» балалар шөлкеми.

– «Жылдың ең жақсы қурылысшысы» – С.Турсынбеков.

– «Жылдың ең белсенди спортшысы» – Ж.Бердимуратов.

– «Жаслар турмысын сәўлелендириўдеги белсендилиги ушын» – «Қарақалпақстан» телеканалы «Хабар» редакциясының редакторы В.Сариева.

Номинациялар бойынша жеңимпаз болғанларға Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң арнаўлы дипломы, статуэтка ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

Илажда креатив декорациялар, сахналық шығыўлар ҳәм кеўилге қонымлы қосық, намалардан ибарат концерт бағдарламасы бәршеге хош кейпият бағышлады.

Еслетип өтемиз, «Хошамет» сыйлықлаў салтанаты Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен 2017-жылдан берли өткерип келинбекте. Дәслепки сыйлықлаў салтанатында (2017-жылы) 24 номинация бойынша елимиздиң белсендилери хошаметленген еди.

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top