Сана: 15.01.2020 | Муаллиф: Makan.uz | Манба: Makan.uz | Ўқилди: 1887Шарҳ 0
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Кексе әўлад ўәкиллериниң жәмийеттеги орны ҳәм социяллық искерлигин жәнеде асырыў ис-иләжлары» ҳаққындағы 2019-жыл 27-сентябрдеги қарары орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде район (қала) Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен исши топарлар дүзилип, жасы үлкен ҳәм майыплығы болған шахсларға көшпели тәртипте мәмлекетлик хызметлер көрсетиў жолға қойылған. Атап айтқанда, усы жылдың 12-13 январь күнлери Төрткүл, Нөкис, Беруний ҳәм Шоманай районлары Мәмлекетик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен район аймағында жайласқан майыплығы болған, сондай-ақ, жасы үлкен пуқараларымызға көшпели тәртипте мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Сондай-ақ, Республикамыздың «Дийқанабад», «Қутлымәкән», «Қрантаў» ҳәм басқада АПЖ жаймақларында да орай қәнийгелери тәрепинен усындай иләжлар шөлкемлестирилип, мәмлекетлик хызметлер көрсетилмекте.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы.
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...