Саламат Авезов

| |

БАЛАЛАР – СУЛЫЎЛЫҚ ШАЙДАСЫ

Сана: 30-январь, 2020-жыл. №5-6 (8074)  |  Муаллиф: Перуза ДӘЎЛЕТМУРАТ0ВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 477Шарҳ 0

ямаса «Имкан»дағы имканиятлар ҳаққында
Балалар... Олар өмиримиздиң қуўанышы, әрманларымыздың қанаты, келешекте исенген таўымыз, бизиң даўамшыларымыз... Ҳәр бир ата-ана жанынан әзиз жигерин мине усылайынша көз алдына келтиреди ҳәм олардың жетик инсан болып, нийетлерин ақлаўы ушын ҳәрекет етеди. Бирақ, бул әрманлардың орынланыўында әлбетте, устазлардың орнын да айтып өтиў тийис. Ҳәр бир ул-қыздың билимли, ақыллы ҳәм зийрек болыўында, турмысты терең аңлап, ақ-қараны таныўында тәрбияшы ҳәм педагоглардың орны өз алдына.

«Әтираптың ҳәмийше сулыў болып жайнап турыўын қәлеймен, балалар мине усы сулыўлықтан илҳамлансын, кеўиллери көтерилсин, деймен. Себеби, сулыўлықты қәдирлеген, оны сүйген инсаннан ҳеш қашан жаманлық шықпайды», деп жәмәәтимизде өткерилген мәжилислерде ҳәр биримизге тайынлап отыратуғын «Имкан» атлы реабилитация орайына ийе болған мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң баслығы Нурсулыў Қудайбергенованың бул пикирлеринде үлкен ҳакыйқатлық бар.

Биалердиң бар билгенлеримиз де, қызығыўшылықларымыз да, бос ўақытларымыз да балалар менен өтеди. Азаннан кешке шекем балалардың ой-өрислерин кеңейтип, ҳәрекетлениў ағзаларын шынықтырып барыў, гөззаллықлардан күш алып, интеллектуаллық жақтан ой-өрисин өсириў ушын ҳәрекет етемиз. Шынығыўларында қатнасамыз, қәбилетли, зийрек балаларды хошаметлеп барыў ушын соққан сүўретлери тийкарында көргизбелер шөлкемлесгирип барамыз. Және де ҳәр қыйлы байрам илажларын өткерип, олар менен биргеликте қасында боламыз, қоллап-қуўатлаймыз. Булар әлбетте, бизге қуўаныш бағышлайлы. Себеби, кәсибинди сүйсең балаларды сүйесең, оларға жақсырақ тәрбия, билим бериўге, тәлим мәсканының гүллеп-жаснаўына ҳәрекет етесең. Ең баслысы - аўызбиршилик ҳәм жәмлескенлик пенен бир-биреўди түсинип, бир мақсет ушын ҳәрекет етиў. Мақсетимиз болса, балаларымыздың кәмил инсан болып жетилисиўине өз үлесимизди қосыўдан ибарат.

Нөкис қаласындағы «Имкан» реабилитация орайына ийе болған мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 2019-жыл 13-марттан өз жумысын баслады. Бақшамыз тийкарынан айрықша жәрдемге мүтәж балаларға арналған болып, 4 диагноздағы, яғный, таяныш ҳәрекетинде нуқсаны бар, психикалық раўажланыўдан артта қалған, еситиў ҳәм көриў қәбилети төмен болған балаларды қабыллаймыз.

Бақшамыз 120 орынға мөлшерленген болып, 10 топарда 2 жастан 7 жасқа шекемги жастағы балалар ушын жумыс алып барады. Оларға жоқары мағлыўматлы дефектолог ҳәм тәрбияшылар тәлим-тәрбия береди.

Дефектологлар сеслерди, реңлерди, математикалық түсиниклерди үйретеди ҳәм аўыз бослығына, тилге артикуляциялық шынығыўлар жасайды. Ал, тәрбияшылар сүўрет салыў, ылай жумысы, қурал жасаў, ертеклер оқып бериў ҳәм оларды сахналастырыў, қосықлар ядлатыў сыяқлы тәлим-тәрбиялық жумысларын алып барады. Булардан тысқары, психолог пенен сәўбет, музыка жетекшиси ҳәм дене шынықтырыў сабақлары да өткериледи. Балаларға тек тәлим-тәрбия берип қоймастан реабилитация орайына шыпакерлер тәрепинен көрсетилген медициналық илажларды ислеп барамыз. Бунда емлеў физкультурасы, массаж, суў арқалы массаж, бассейн, парафин, токлар жәрдеминде емленеди. Сондай-ақ, шетеллерден келтирилген таяныш ҳәрекетинде өзгешелиги болған балалар ушын пейсер, вертикализатор, джетмобиль, ортовелосипед, матомед, тренажер, Берилла аппаратларынан пайлаланамыз.

Қәнигелестирилген мәкемеде саўалландырыў-реабилитациялаў жумыслары ҳәптесине 5 күн, күнине 9 саат даўамында алып барылады. Медицина хызметкерлери тәрепинен баланың раўажланыўындағы нуқсанларды дүзетиўге бағдарланған емлеў-саўалландырыў илажлары, тәрбияланыўшыларды медициналық реабилитациялаў ҳәм социаллық бейимлестириў жумыслары алып барылады.

Медициналық реабнлитация процедуралары белгиленген емлеў курсы шеңберинде ҳәр бир бала ушын    индивидуал түрде сабақ кестелери есапқа алынған ҳалда жобаластырылады.

Балаларымыз жүдә қуўанышлы, ата-аналардың болса усындай имканиятларды, барлық шараятларды жаратып берген Журтбасшымызға миннетдаршылығы шексиз.

Перуза ДӘЎЛЕТМУРАТ0ВА,
«Имкан» реабилитация орайына ийе болған
мәмлекетлик көп тармақлы қәннгелестирилген мектепке
шекемги билимлеидириў шөлкеминиң тәрбияшысы.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
30-январь, 2020-жыл. №5-6 (8074)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top