Саламат Авезов

| |

Майыплығы болған пуқараларға қара мал тапсырылды

Сана: 06.05.2020  |  Муаллиф: Нөкис районы ҳәкимлиги  |  Манба: Нөкис районы ҳәкимлиги  |  Ўқилди: 932Шарҳ 0

Бүгинги күнде мәмлекетимизде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мәселесине айрықша итибар берилмекте. Карантин дәўиринде Нөкис районында көп перзентли, майыплығы болған пуқараларды ҳәм кекселерди, өз дәраматын жоғалткан ўақтынша жумыссыз болған шаңарақларды анықлап, оларды камбағаллықтан шығарыў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.Екинши сектор басшысы Ш. Алламбергеновтыӊ басламасы менен «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйыны “Баймақлы” аўылы турғыны А.Назарымбетовтыӊ шаңарағына "Д.Тажиғалий" шарўа фермер хожалығы тәрепинен бир қара мал тапсырылды.

Cондай-ақ, "Мәденият" аўылы турғыны кем тәмийинленген, шаӊарағында майыплығы бар болған Р. Кобейсоваға "Баҳадыр Марям" шарўа фермер хожалығы тәрепинен бир қошқар ҳәм бағыўшысын жоғалтқан А. Қаниязоваға болса “Едиге” фермер хожалығы тәрепинен ешки жәрдем сыпатында берилди.

Дерек: Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top