Саламат Авезов

| |

Еки ескек

Сана: 05.09.2016 16:01  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Кичик ҳикоялар  |  Ўқилди: 2116Шарҳ 0

Бир қайықшының кишкене қайығы бар екен. Қайықтың еки ескеги болып, олардың биреӯинде «нийет», ал, екиншисинде болса «ҳәрекет» деп жазылған. Қайыққа минген адамлар бул жазыӯлар себебин сораса, қайықшы былай жуӯап берипти: «Егер мен тек ғана «нийет» деп жазылған ескекти ҳәрекетлендире берсем, онда қайығым бир орында турып айланып тура береди. Ал, егер тек ғана «ҳәрекет» деп жазылған ескекти ҳәрекетлендирсемде сол аҳӯал тәкирарланады

яғный бир орыннан қозғалмай айланып тура беремиз. Егер екеӯин теңдей айландырсам ғана қайық мәнзилге жетеди.

Инсанларда тап сондай – тек ғана нийет етсе ал, оған жетиӯ ушын ҳәрекет етпесе, бир орында айланған усы қайық сыяқлы мәнзилине ҳеш қашан жете алмайды. Мәнзилге жетиӯ ушын әӯели НИЙЕТ  етиӯ керек, ал оннан соң мүнәсип ҲӘРЕКЕТ етиӯ керек.

Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы

Каракалпакский Государственный Университет имени Бердаха

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top