Саламат Авезов

| |

Жоғалтылған инәм

Сана: 11.09.2016 11:16  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Кичик ҳикоялар  |  Ўқилди: 1605Шарҳ 0

Хүкимдар ўәзиринен сорады:
— Бир хызметкерим қалайынша меннен көре бахытлырақ болыўы мүмкин? Оның хешнәрсеси жоқ. Мен ҳәмме нәрсеси бар патшаман, бирақ бахытлы емеспен.
Ўәзири былай деди:
— Онда «99» қағыйдасын қоллап көриң. Бир шыжланға 99 динәр салың. Сыртына «100 динәр» деп жазып қойың. Сол пуқараңыздың есиги алдына қойып, есигин қағың. Нелер жүз беретуғынын бир шеттен бақлап турың.

Патша ўәзириниң айтқанындай иследи. Хызметкер үйинен шығып шыжланды алды. Қалған бир динәр сол дөгерекке түсип қалған шығар деп ойлады. Бала-шағасы менен қосылып сол бир динәрди таңға шекем излеп шықты. Ҳәммелери сол «жоғалған» бир динәрди табалмай қатты әўереленди. Сол бир динәр олардың тынышын алған еди. Ертеңине сол хызметкер патшаның хүзирине түскин кейпиятта, қапаланған халында кирди.

Сонда патша «99» дың түп мәнисин аңлап жетти.

Биз Алла Тааланың 99 инәмын умытып, бизде жоқ болған нәрсени излеймиз.

Тәңримиз оны пешанамызға жазбаған, бермегениниң Өзине ғана аян бир хикмети болады. Ал, шынлығында, есапсыз сыйлықлар берилмеген инсанның өзи жоқ. Ҳәттеки, кесел, майып бендесин де Жаратқан өз мол несийбелери менен қоршап қойған болады. Ал, ол инсан болса тек ғана кеселлигин, майыплығын көреди де, бул дүньядан түңилип жасайды. Ҳәмме нәрсеси бар бардамлы адамға да қоңсысы яки достысының қымбат жаңа машинасы бар екенлиги көринеди.

Буннан шығарар жуўмақ: Бизге инәм етилген 99 түрли иләхый байлықларымызға көз жумып, 1 ғана жетиспеушилик ушын налымайық. Бири кем дүньяның ғәниймет демлериндеги берилген бийбаха сый-инәмлары ушын миннетдар бола билейик!

Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top