Саламат Авезов

| |

Кишкине гүрриңлер


  • Шүкирана

    Сәне: 24.12.2016 18:14  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Кичик ҳикоялар

    Эндрю Э. Хант
    Жақында қайырқомлық жәмийетинде берилген көрпе оны ыссы сақлар, бүгин шығынды кутысы ишинен таўып алған аяқ кийими болса аяғына лайық келген еди.
    Көшедеги шыралар суўық түн болса-да оның қәлбини жарытып турар еди.
    Қыябандағы орындыққа қолай жайласып алғаны оған раҳат бағышлар еди.
    “Қудайға шүкир, – деди ол, – өмир қандай гөззал!”

  • Тәғдир

    Сәне: 18.12.2016 17:48  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Кичик ҳикоялар

    Жей Рип
    Өмиримиз соншели бузақылашып кетти, оны шешиў ушын тек ғана бир жол қалған еди. Шек таслаймыз: егер раҳамлы таманы түссе турмыш қурамыз, рамызлы таманы түссе бир өмирге ажырасамыз.

  • Бахытсыз

    Сәне: 12.12.2016 23:10  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Кичик ҳикоялар

    Дэн Эндрюс
    Жазыўлықтың жүзи болмайды, дейдилер. Ҳақыйқатдан да оның жүзинде ҳеш қандай түсиник жоқ еди. Мен аўырыўға шыда алмай атырғанымда, ол болса өте саўыққанлық пенен маған жақынласты. Қалайынша ол көзлеримдеги қорқыў ҳәм жүзимдеги албыраўды көрмей турған болсаң? Ол тынышлық пенен, және де анықрағы, шеберлик менен өз жумысыны тамамлады ҳәм деди: “Тисиңизди алып тасладым, аўызыңызды шайың”.

  • Шайтанның қәўилиўи

    Сәне: 06.12.2016 23:40  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Кичик ҳикоялар

    Брайан Ньюэлл
    Еки өсмир шайтанның астен-ақырын узақласып баратырғанына гүзетип турар еди.
    — Сеннен нени сорады?
    — Ақша орнына қәлбимди. Сеннен-ши?
    — Телефон-автомат ушын тийин сорады.

  • Ушрасыў жайы

    Сәне: 30.11.2016 22:54  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Кичик ҳикоялар

    Николь Веддл
    — Қоңыраў жырыңлады.
    — Алло, – деди ҳаял.
    — Виктория, бул менмен. Кешқурын жаға бойында ушрасайлық.
    — Жақсы, әзизим.
    — Илтимас, өзиң менен бир шийше шампан да алып кел.
    — Хоп, әзизим.
    — Күтемен!

  • Жумбақ

    Сәне: 24.11.2016 21:40  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Кичик ҳикоялар

    Том Форд
    — Бүгин жүдә қуӯанышлы көринесиз, Ватсон.
    — Кеширесиз, Холмс, бул сапар жынаятты еки дүньяда да әшкараламайсыз.
    Холмс орнынан турып, трубкасыны ҳәрекети менен силките баслады.
    — Және қәте қылып атырсыз, деп қорқаман, Ватсон. Миссис Ворсингтонды ким өлтиргенини билемен.

  • Соңғы несийбе

    Сәне: 18.11.2016 21:02  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Кичик ҳикоялар

    Долорес Руп
    Үйлерине түсиўге әдетленген уры Билли өз жумысын бийтакрар ўақытларын жақтырар еди.
    Бул таң ол дийўалдан өтип, бинаға кирди. Бәрше қымбатбаҳа тақыншақларды жийнап алып, машинасына артты.
    Сол демде қурсағы жүдә аш болған еди. Телевизор алдында аӯқатланыӯы ушын үйине соңғы мәрте кирди.

  • Дублёр

    Сәне: 12.11.2016 11:44  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Кичик ҳикоялар

    Шири Пелемье
    — Спектаклди қалдыра алмаймыз. Шоу даўам етилиўи керек, – деди режиссёр пьесаның биринши пердеси басланыўынан алдын белгили актёр ҳушсыз болып жығылғанда. – Бүгин ол жулдыз, ҳәр қалайда, өлиниң ролин ойнамайды-ғой.

  • Миллион долларлық зияпат

    Сәне: 06.11.2016 22:07  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Кичик ҳикоялар

    Дик Скин
    Чарли ақырғы ақшасына лотерея билетин сатып алды ҳәм миллион доллар утыс ийесине айланды. Көшедеги дослары менен утысты еки ҳәпте “жуўды” ҳәм ақыбетте артықша жеп қойғанынан туншықты.
    Ҳүкимет оның миллионларыны мийрас қылып алды ал, адамлар оның исмини ҳәмийше ядларында сақлайды — ол инсаният тарийхында ең үлкен зияпат шөлкемлестирген, еди.

  • Әрманлар әмелге асғанда

    Сәне: 31.10.2016 18:14  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Кичик ҳикоялар

    Жошуа Хейнс
    Баб нийетлериниң бәршесине еристи. Онда тек ғана бир тилек тилеў қалған еди
    — Соңғы тилекти сәл кейинрек тилесем бола ма? – сорады ол.
    — Сен хожасан. Мен болсам қәдимги жинмен.
    — Жүдә саз.

  • Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

    Излеў

    
    Хызмет көрсетиӯ

    Тийкарғы бөлим

    Рубрика

    Меҳир қолларымызды созайық

    Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

    Go to Top