Саламат Авезов

| |

Ҳәр кәсиптиң нәзик гөззаллығы бар

Сана: 01.03.2017 23:58  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 581Шарҳ 0

Белгили жүрек хирургларынан бири бир күни автомобилиниң моторын көрсетиў ушын механиктиң устаханасына келипти. Механик уста автомобиль моторын ашып оңлаўды баслады, жарамсыз ҳалға келген айырым аўысық бөлекшелерин алып орнына тазаларын орнатты. Уста хирургке қарап былайынша сөзге тартты: «Мүмкин болса сизге бир сораў берсем?»

Хирург таңланған пишинде: «Мейли сораң!» деди. Механик: «Сиз жүреклер бойынша жумыс ислейсиз. Мен де сиз сыяқлы автомобиллердиң «жүрегин» (яғный моторларын) ашаман. Кәсибимиздиң түп дереги бир – бирине дым жақын. Бирақ, не ушын ис хақымыз бир – биринен кескин парық қылады? Операцияңыз ушын жетерли дәрежеде көп пул аласыз, сизге салыстырғанда бизге кем пул төленеди. Себеби неде?» деп сорапты.

Хирург механиктиң қулағына  сыбырлап жуўап берди: «Егер қолыңыздан келсе автомобилди өширместен қойып моторын оңлап көриң. Парқы мине усында.»

Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аўдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top