Саламат Авезов

| |

Ҳикметли дүнья

Сана: 03.11.2016  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 1452Шарҳ 0

Бир күни улкен бир кеме теңизде апатқа ушырады. Ишиндеги адамлардан тек ғана бир адам тири қалды. Ол үлкен бир ағашқа асылған ҳалда жүзип, жақын ортада-ғы кимсесиз бир атаўға жетип алды. Ол сол атаўда кунелтер екен, ҳәр күни: «Әй, Қудайым маған мәдет бер», деп налыс етер, көзлери ҳәрдайым жийекте, бир де бмр кеме өтип қалар деп интизар күтер еди. Алладан бираз мүддет мәдет келмеген соң, тәғдирине тән берип, суӯда ығып жүрген кеме қалдықлары ҳәм ағашлардан көп қыйыншылықлар менен өзине бир үй-жай салып алды. Бул жайы оны жаўын-шашыннан ҳәм самаллардан асырар еди. Мине, және жаңа таң атты. Адэм өз әдетине көре, орнынан турып, бети-қолын теңиз суўына жуўып:

«Әй, Аллам, маған мәдет берегөр. бул жерлерден тезирек кетип үйиме жетип алайын», — деп жалбарынды.

Ол бир күни балық, аўлаўға жемтик излеп атаўдың басқа тәрепине кетти. Сол ўақытта күшли шақмак. болып, оның жасап турган үйине жасын түсип, үйи жанып кетти. Сол кетистен қайтып келип, үйине қараса. уйи пүткиллей жанып болған. күли көкке ушқан.

Адам буны көрип отырып қалды, соң өкирип жылап жиберди:

Әй, Қудай, мен сеннен мәдет сорадым, бәле емес. Неге мени бундай жазаладың? Неге маған реҳимиқ келмейди ҳеш? Қандай гүналарым ушын мени бүйтип қыйнайсаң бәрҳа? — деп күйип-писип терекке сүйенген ҳалда уйықлап кетти.

Азанда ерте оны қандайдур қатты гүрилдеген кемении даўысы оятып жиберди. Көзин ашып караса жағада үлкен кеме тур. Кемеден адамлар түсип, оны алып кетиў ушын ол тәрепке қарай қәдем таслап киятыр екен.

«—Қызык, сизлер қалайынша бул жерлерде адам бәр екенин билдиңизлер?». — деп сорады ол өзин қутқарған бийтаныс адамлардан. Қутқарыўшылардыи бири.

«Биз атаўдан жақын аралықтан өтип баратыр едик, сонда бул жерлерден шығып турған түтинди көрдик. Демек, атаўда кимдур бар, ол бизге түтин менен сигнал берип атыр, деп ойладық ҳәм бул жаққа қарап жүзип келе бердик» – деди.

Ўақыядан жуўмақ: Базы да сизге бәле-апат болып көринген нәрсе ҳаслында Жаратқанныц сизге жиберген жақсылығы болады, тек сол жақсылыктың ҳикметин дурыс түсинип, аңлай алыў сизиң-өзиңизге байланыслы. Алла Таала бендесине ҳәмийше мийирман ҳәм ғамхор болған уллы қүдиретли күш. Ол бендесине ҳеш қашан зулым етпейди. Егер ненидур жиберген болса, демек онда қандайдур ҳикмет жасырынған болады. Сабырсыз болмайық!

Рус тилинен
Светлана ЖАЛМЕНОВА
аӯдармасы

«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
3-ноябрь, 2016-жыл №42 (7902) 

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top