Саламат Авезов

| |

Маған өтирикши анам керек

Сана: 05.11.2016 13:10  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 2935Шарҳ 0

Сегиз жаслы баланың анасы (өлип) қайтыс болыпты. Ағасы перзентини ана меҳрисиз қыйналмасын, деп басқа ҳаялға үйлениӯге мәжбүр миннетли. Бир күни аға перзентини баӯырына басып, еркелеп сорады:
— Тайшағым, жаңа анаң менен алдыңғы анаң арасында қандай айырмашылық бар?
Бала гирбинсизлик (бийғибарлық) бенен жуӯап берди:
— Алдыңғы анам маған өтирик сөйлейтуғын еди. Ҳәзирги анам болса ҳәмме айтқан гәплерини орынласамда. Бул маған унамай (жақпай) атыр.

Аға тәжипледи:

— Бул дегени жақсы емес пе, балажаным?

Ул:

— Алдыңғы анама жақпайтуғын жумыс қылсам маған: «Егерде айтқанымды қылмасаң, саған аӯқат бермей қояман», дердилер. Мен болсам бул гәпге парӯа қылмай, көшеден бери келмейтуғын едим. Үйге кеш келип анамны қәӯитерге қоятуғын едим. Анам болса мени көшеме-көше излейтуғын еди. Тапылғанымдан кейин жүз-көзлеримден сүйип, үйге алып барып ҳәм ҳеш гәп болмағандай мазалы тағамлар менен сыйлайтуғын еди.

Анаӯ күни топалаңымнан кейин жаңа анам: «Егер топалаңды тоқтатпасаң, саған аӯқат бермеймен», деди. Мине, еки күннен бери аӯқат бермей атыр. Маған өтирикши анамды таӯып бериң, илтимас! — деп жылап жиберди.

Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аӯдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top