Сана: 06.11.2016 12:17 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 1268Шарҳ 0
Парсы шахларынан бири улына тәлим-тәрбия бериў ушын дана ҳәм тәжирийбели бир кисини устаз етип тайынлады. Оның мүнәсип сай-ҳәрекети менен шахзада илим ҳәм әдептен жетик камал тапты. Бир күни устазы оны себепсиз қатты урды. Бала ер жетемен дегенше бул иси ушын устазынан ренжип, оған деген иш-ишинен кек сақлап жүрди. Қыялынан сол бир жөнсиз урылған таяқ сирә арылмады. Арадан нешше жыллар өтти, қартайған патша әлемнен өтти. Соң тахтқа шахзада отырды. Жаңа мәртебеге ерискен патшаның биринши жумысы устазын алдына шақыртыў болды. Оны саўалға тутты:
— Устаз, пәлен жылы, пәлен сәнесинде мени ҳеш бир себепсиз урып едиңиз. Не ушын олай иследиңиз?
— Эй, патшайым, илим ҳәм әдепте камалға келгениңизди көрген соң, сиз атаңыздан соң тахтқа отыратуғыныңызды аңладым. Сонда келешекте сиз кимгедур зулым өткизбеўиңиз ушын таяқ аўрыўын, зулымлық зардабын тарттырған едим.
Патша устазының бул ибрат болар сөзлеринен кеўли толып оны сый-сарпайлар менен шығарып салыпты.
Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...